СЕНСИЗ ЖАЛҒЫЗДАЙМАН
Кеўлим қыялларға кетип төзимсиз,
Таңларым атады заўқы бәзимсиз.
Дүнья босап қалған яңлы өзиңсиз,
Сенсиз жалғыздайман, жалғыздай жаным…
Урқан атқан жазда гүллер шырайы,
Қалғандайсаң шөл кеўлимде бинайы.
Гүл саралап усынсада талайы,
Сенсиз жалғыздайман, жалғыздай жаным…
Қыялым менен бәнт отырман ойда,
Қанат байлап ушар әрманлар қайға,
Менде әрман болдым билсем талайға,
Сенсиз жалғыздайман, жалғыздай жаным…
Естен кетпес сениң күлимлегениң,
Еки ийнимнен услап ,,гүлим” дегениң.
Маған инәм еттиң гүллер шәменин,
Сенсиз жалғыздайман, жалғыздай жаным…
Мениң жүзлериме тигип көзиңди,
Баўырыңа бастың айттың сезимди.
Отырман қәлбимде аңсап өзиңди,
Сенсиз жалғыздайман, жалғыздай жаным…
Аспанлардан жалынып мен сорайман,
Көринбейсең көптен, бир айдан.
Ҳәр күн сайын жолларыңа қарайман,
Сенсиз жалғыздайман, жалғыздай жаным…
Сағыныш кернейди жүрегим езип,
Әрман қыялларым қайларды гезип.
Басқа ойлар менен кетпе сен безип,
Сенсиз жалғыздайман, жалғыздай жаным…
Басқадан ойымды жүрмен жасырып,
Сениң сезимлериң оттай басылып.
Жаным азар берер, саған асығып.
Сенсиз жалғыздайман, жалғыздай жаным…
28 – апрель 2024 жыл…
YAZAR: BİBİMƏRYƏM
ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА
Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana
===============================================
<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və WWW.USTAC.AZ >>>>
Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93 E-mail: zauryazar@mail.ru