Бийбимәрьям – АНАЖАНЫМ САЎАЛЫП КЕТ

АНАЖАНЫМ САЎАЛЫП КЕТ

Қубла тәреп тиленип мен дуўа қылдым,
Жаратқаным мениң ушын саўап ис ет !.
Көз жасымды төгилдирип наўа қылдым,
Анажаным..наўқасыңнан саўалып кет…

Жүзлериңнен жыйрық – жыйрық әжим шалды,
Орныңнан тур баяғыдай жан алып кет.
Қызым деген баяғы сөз қайда қалды,
Анажаным тиренишим саўалып кет…

Аймалаған алақаның сағыныппан,
Бурынғыдай баўырыңа сән алып кет.
Ойлап көрсем сениң ушын не қылыппан,
Анажаным көзиңди аш, саўалып кет…

Отырыппан көздиң жасын булай – булай,
Тилегимнен қызыңманғой нәр алып кет .
Тәңиримнен жалбараман сорай сорай,
Анажаным мениң ушын саўалып кет…

Тиренишим арқа сүйер дийўалымсаң,
Сол нәлшеңнен мийўасынан дәм алып кет.
Жол көрсеткен ҳәм ақыллы зыялымсаң,
Анажаным мениң ушын саўалып кет…

Көзиң ашсаң жадыраған күн шығады,
Сен аўырсаң мениң кеўлим туншығады.
Жүзлериңе қызың қарап ҳәм бағады,
Анажаным мениң ушын саўалып кет…
30 – апрель 2024 жыл…

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА

TÜRK DÜNYASI YAZARLARI

Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana

“ƏDƏBİ OVQAT” JURNALI PDF

“YAZARLAR”  JURNALI PDF

“ULDUZ” JURNALI PDF

“XƏZAN”JURNALI PDF

WWW.KİTABEVİM.AZ

YAZARLAR.AZ

===============================================

<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və  WWW.USTAC.AZ >>>> 

Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93   E-mail: zauryazar@mail.ru

Bir cavab yazın

Sizin e-poçt ünvanınız dərc edilməyəcəkdir. Gərəkli sahələr * ilə işarələnmişdir