Бийбимәрьям – УСТАЗДЫ ҚУТЛЫҚЛАП

УСТАЗДЫ ҚУТЛЫҚЛАП

Тәбият мудамы саған шериклес,
Илҳам сирә достың қатар ҳәриплес.
Тәбияттан нәпес алып жазғансоң,
Қосығыңнан оқып ҳеш ким зерикпес.

Жасыңа жас қоссын жыл ҳәм айларға,
Жүриңиз мудамы уллы тойларда.
Сениң жазған қосықларыңды оқып,
Болып кетким келер сол тоғайларда.

Көкирегиң тап – таза гирбиңи жоқтай,
Қәлбиңиз жайнаған гүллеген бақтай.
Сизге деген мениң ҳүрметим шексиз,
Жүректи жаўлайды шарпыған оттай.

Тил менен жеткериў қыйын тәрийиплеп,
Бирақ қосық қылғым келер ҳәриплеп.
Тәбият қойнында усылай отырсам,
Деп кетким келеди сизге еликлеп.

Жасыңа жас қоссын мениң тилегим,
Палўансаң сембесин жумры билегиң.
Туўылған күниңиз мүбәрек болсын,
Бул қосықты бир жазсам деп жүр едим.

Муҳаббат сөнбесин жүреклериңде,
Өмирди оқыдың сездиң бәринде.
Устазым аман жүр қалған жағында,
Шәкиртиң ардақлар керек жеринде.

Озиң оттай жанып толып тасыңыз,
Жақсы адамларға толсын қасыңыз.
Сизди қутлықлайман Жаңабай аға
80..90..100 жастанда асыңыз…
22.05.2024 ж.

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА

TÜRK DÜNYASI YAZARLARI

Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana

“ƏDƏBİ OVQAT” JURNALI PDF

“YAZARLAR”  JURNALI PDF

“ULDUZ” JURNALI PDF

“XƏZAN”JURNALI PDF

WWW.KİTABEVİM.AZ

YAZARLAR.AZ

===============================================

<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və  WWW.USTAC.AZ >>>> 

Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93   E-mail: zauryazar@mail.ru

Bir cavab yazın

Sizin e-poçt ünvanınız dərc edilməyəcəkdir. Gərəkli sahələr * ilə işarələnmişdir