
СОНҒЫ ҚОҢЫРАЎДА ТАБЫСҚАН ЖҮРЕК.
Гүлдей жайнап ашылдымба сол күни,
Бәләғат жасынан болдыма дәрек,
Жымыйып күлгеним,сен гүл бергениң,
Соңғы қоңыраўда табысқан жүрек.
Жүрегим қанама сыймай талпынды,
Негедур ынтығып текте сени деп,
Көргендей көзлерим гәўҳар алтындай,
Сениң жүрегиңди ышқы кәни деп.
Жаслықтың дәслепки ашықлық шоғы,
Күйдиремен дейди шыдап туралмас,
Әрман қайға кетти бәлентлеп аспан,
Ҳеш бул өмирде сендей болалмас.
Соңғы қоңыраўда табысқан жүрек,
Неге шыдамайды дүкилдеп азып,
Күте күте келгениңди билдирип,
Кетипсең атымды талларға жазып.
Жүрдик сонда бир көргенше асығып,
Көрип аймаласаң маўқың басылып,
Соңғы қоңыраўда табысқан жүрек,
Қояр еди төрлерине жасырып.
Бәрине де мениң ышқым себепши,
Қос гүбелек яңлы ойнаған шағым,
Соңғы қоңраўдан бир сес келгендей,
Қулпырар еди дә гүллеген бағым.
Екеўмизге мудам мәңгилик тилеп,
Маған дастық еди сендеги билек,
Қушағың мениң ушын бейиш сарайы,
Соңғы қоңыраўда табысқан жүрек.
19 Май 2023 – Жыл.
YAZAR: BİBİMƏRYƏM
ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА
Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana
===============================================
<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və WWW.USTAC.AZ >>>>
Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93 E-mail: zauryazar@mail.ru