
“ДҮНЬЯ ЖАРАЛҒАН БУЛ СЕН ҲӘМ МЕН УШЫН.”
Жаслығым бир қанша кейинлеседе,
Өмир тәшиўишлери ийинлеседе,
Басқаға ҳеш нәрсе билинбесе де,
Дүнья жаралған бул мен ҳәм сен ушын.
Берген ҳәр деминде өмир санағын,
Ҳәр күн қуўаныштың жағып шырағын,
Шыдам ҳәм сабырдың берип турағын,
Дүнья жаралған бул мен ҳәм сен ушын.
Қайлардан келеди сазлы намалар,
Жалынлы жүреклер таман жол алар,
Ўақыт қарап турмас атын сабалар,
Дүнья жаралған бул мен ҳәм сен ушын.
Сезилмес басқаға өзиме аян,
Мен саған еремен боламан саяң,
Ҳәммеси мен ушын етилди баян,
Дүнья жаралған бул мен ҳәм сен ушын.
Көз алдым сезимге тола байланған,
Мухаббат ышқында таңлап сайланған,
Еки жүрек бүлбиллерге айланған,
Дүнья жаралған бул мен ҳәм сен ушын.
Мейли жерден сора,аспаннан сора,
Сен ушын кеўлимде шертилер нала,
Қәлбимде сүйгеним тек өзиң ғана,
Дүнья жаралған мен ҳәм сен ушын.
28~Май 2023~Жыл.
YAZAR: BİBİMƏRYƏM
ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА
Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana
===============================================
<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və WWW.USTAC.AZ >>>>
Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93 E-mail: zauryazar@mail.ru