
“ИЛҲӘМ ПЕРИЛЕРИМ”.
Илҳәм перилери қыйнайды мени,
Айтар сөзлериңди жеткерип жаз деп,
Сонша жүрегимнен күйип жансамда,
Саған арнағаным турғандай аз деп.
Илҳәм перийлерим жаўлап денемди,
Муҳаббат бағынан суўсын ишкизер,
Бир мәўрит қоймайды өзим ҳалыма,
Күни түни қыдықлар мени түрткилер.
Илҳәм перилери қоймас ҳалыма,
Сағыныш егеўин егеп жаныма,
Бул дүньяда мен шүкирлик етемен,
Қәлбимде еледе сениң барыңа.
Илҳәм перийлери жатқармас ақшам,
Сени қумсағаннан жазаман йошып,
Қыялымды дизссем сол бир төртликке,
Өзимше әжайып шығады қосық.
Илҳәм перийлери алға жетелеп,
Ақ қағаздың қаралатар жүзлерин,
Сол перилер қоршаўында қалғанман,
Эй сүйиклим сени күтер көзлерим.
7 Февраль 2023 – Жыл.
YAZAR: BİBİMƏRYƏM
ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА
Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana
===============================================
<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və WWW.USTAC.AZ >>>>
Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93 E-mail: zauryazar@mail.ru