
КЕЎИЛ ҚАЯҚЛАРДА ГЕЗИП ЖҮРЕДИ
Балалық гезлерим толып тасқандай,
Гейде қыялларым алып қашқандай,
Несийбемди сол жерлерге шашқандай,
Кеўиллерим қаяқларда гезип жүреди.
Аралайық гүл ашылған бағларды,
Жүрек лупилдеген жаслық шағларды,
Умыталмай қол усласқан ўақларды,
Кеўилим қаяқларда гезип жүреди.
Сол дәўир желисин умыта алмай,
Сырлы қараслардың парқына бармай,
Үйге кетеримде таслап кете алмай,
Турған күнлеримди сезип жүреди.
Таўды тасты талқан еткен Муҳаббат,
Қуўанғаным күнде көрип саламат,
Ўақтыншалық екен бәри аманат,
Әрманым алдында озып жүреди.
Еле сол күнлерге болып интизар,
Гейде жүреклерим ойнап қалтырар,
Еске түссең мени бийҳуш ҳал қылар,
Кеўилим қаяқларда гезип жүреди.
Жыллар өткен менен жаслық қартаймайды,
Жаным соны ойлап төзим жүреди,
Сонда сүйгенимди саған айталмай,
Кеўлим қаяқларда гезип жүр еди.
8 Февраль 2023 – Жыл.
YAZAR: BİBİMƏRYƏM
ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА
Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana
===============================================
<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və WWW.USTAC.AZ >>>>
Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93 E-mail: zauryazar@mail.ru