
ҚӘЛБИМДЕГИ СӨЗДИ АЙТА АЛМАДЫМ
Қанша жыллар өтти ескен самалдай,
Еле сол пикирден қайта алмадым.
Ишимде бир дәрт бар қалған қамалдай,
Неге сол бир сөзди айта алмадым…
Бир өмир өртенер жалыны лаўлап,
Қәлбимнен шығарып жойта алмадым.
Енди жыллар өтип жанымды жаўлап,
Маған әрман болды айта алмадым…
Жандым муҳаббаттың ҳижиранларында,
Баяғы күнлердей сирә болмадым.
Еле егеўлейди қандайдур азап,
Неге сол бир сөзди айта алмадым…
Жаным жақсы көрер сыр шашалмайман,
Өзим айтқанымнан қайта алмадым.
Өзим жаққан оттан қашалмайман,
Сонда сүйдим деп не айта алмадым…
Бир өмир азабын шегип тәғдийирдиң,
Байлық әмел деген жолды таңладым.
Жолына түсиппен таяқсыз көрдиң,
Жыллар өткеннен соң енди аңладым…
(Бир жаўан налышы)
YAZAR: BİBİMƏRYƏM
ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА
Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana
===============================================
<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və WWW.USTAC.AZ >>>>
Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93 E-mail: zauryazar@mail.ru