
Сени сағындым
Ашық болдым көзлер көзге түскенде,
Ышқыңда сайыл болған мен бир бенде,
Тиллесе алмай бийганадай жүргенде,
Жыллы сөзиң аңсап сени сағындым.
Айта алмадым кеўлимдеги барымды,
Еситпедиң ҳеш те жүрек тарымды,
Сағыныш сарғайтты сеўги бағымды,
Келиўиңди күтип, сени сағындым.
Жүзимди қулпыртқан бәҳәрим болдың,
Әрман таңларымның сәҳәри болдың,
Ҳижранға толды ашықлық жолым,
Келиўиңди күтип қатты сағындым.
Нөкис. 27.10.2024. Саат 21:25.
Yazar: Базаргүл Зиварова
>>>> ƏN ÇOX OXUNAN HEKAYƏ <<<<
Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana
===============================================
<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və WWW.USTAC.AZ >>>>
Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93 E-mail: zauryazar@mail.ru