
ЖАЗДЫ КҮТИП
Бәҳәр инәм етип бахытлы таңын,
Кийдирмек болады гүл шеңбер тажын.
Муҳаббат ишкизип паллы шарабын,
Ғул – ғула салады тек жазды күтип…
Көклем нәпесине тойынып кеўлим,
Ышқы дарғасындай салады зәўлим.
Себеби шығарда сырлы қараўдың,
Талпынып турыппан мен жазды күтип…
Жаздың шырайына боларман шайда,
Көк – көмбек гилемдей болмаса қайда.
Тәбият инәми кирсем сарайға,
Сағынып жасайман мен жазды күтип…
Тәбият көксинде қолымнан услап,
Жүрсең жалынлатып сезимиң таслап.
Сол ўақта кеткендей кеўил ҳалласлап,
Негедур күтемен сағынып күтемен жазды…
Жаз сийнеси жанландырып жәҳәнди,
Сүйемен ҳәр күнги атқан ҳәр таңды.
Қос гүбелек ойын қурған мәҳәлди,
Ышқый қәлбим менен жазды күтемен…
YAZAR: BİBİMƏRYƏM
ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА
Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana
===============================================
<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və WWW.USTAC.AZ >>>>
Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93 E-mail: zauryazar@mail.ru