Etiket arxivi: Жансая Бийбимәрьям Утамбетова

Бийбимәрьям – МЕН ЖАЗДЫ САҒЫНДЫМ

МЕН ЖАЗДЫ САҒЫНДЫМ

Әтирапы көкке оралған,
Гүлге толы сәни бағымның.
Мине бәҳәр келер келместен,
Және де мен жазды сағындым…

Гүллер ийси жанымды жайлап,
Тәбиятқа үнсиз бағындым.
Қоршаўында мен сени ойлап,
Және де мен жазды сағындым…

Сулыў қызыл гүллерди терип,
Гөззаллығын бер деп жалындым.
Абайлайсыз сүўретти көрип,
Гүл жайнаған жазды сағындым…

Баўрайына кирип гүлшанға,
Жүргим келер, кел деп жалындым.
Илҳәм йошын берсин инсанға,
Бәҳәрде мен жазды сағындым…

Сени күтер бир гөззал қызың…
Келеғойсеш тезирек жазым…

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА

TÜRK DÜNYASI YAZARLARI

Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana

“ƏDƏBİ OVQAT” JURNALI PDF

“YAZARLAR”  JURNALI PDF

“ULDUZ” JURNALI PDF

“XƏZAN”JURNALI PDF

WWW.KİTABEVİM.AZ

YAZARLAR.AZ

===============================================

<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və  WWW.USTAC.AZ >>>> 

Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93   E-mail: zauryazar@mail.ru

Бийбимәрьям – НАЎРЫЗЫМ

НАЎРЫЗЫМ

Бәҳәр сәўир самаллары ескенде,
Қуяш нурларынан меҳир түскенде.
Кеўиллерим илҳам көлин кешкенде,
Маған бир әжайып йош бердиң Наўрыз…

Сүмелек қайнаған қара қазанда,
Миллий дәстүр қуўат берип адамға.
Бүгин йошып илҳам берип мағанда,
Кеўлимди жасартып хош келдиң Наўрыз…

Наманы шерткендей толқытқаныңда,
Әжайып саз бенен балқытқаныңда.
Әткөншек тепкенде ырғытқаныңда,
Кеўлимди көтердиң йош пенен Наўрыз…

Шадланып жас баллар ойын қурғанда,
Пәтпелек ушырып мойын бурғанда.
Мағанда йош келди өзиң турғанда.
Илҳамым оянар сен келсең Наўрыз…

Милий липасларың көрнекли көзге,
Кең баўрың толыдай мақтаўлы сөзге.
Байрамым шадлықта көринер көзге,
Елимди қуўантып келдиң сен Наўрыз…

Дастурхан үстинде түрли тағамлар,
Дәм татың наўырызға қумар боғанлар.
Аман болсын басшы болған ағамлар,
Ҳәммени қуўантып келдиң сен Наўрыз…

Жасарар тәбият жасарар жерлер,
Қолында бел кетпен дийхандай ерлер,
Ҳәммени қуўантқан бул бәҳәр дерлер.
Доланып елиме келдиңбе Наўрыз…

Жарасар көксиңе сазың – сәўбетиң,
Суўың мол елиме келсин әўметиң.
Ҳәммеге бағышлап келсин әўметиң,
Быйылғы жылымда келди деп Наўрыз…

Қушақлап меҳирли қәлбиң жарассын,
Баўырлар көрисип жағдай сорассын.
Байрамларың байрамларға улассын,
Аўылласлар бүгин оң болсын Наўрыз…
20 – марть 2024 жыл.

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА

TÜRK DÜNYASI YAZARLARI

Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana

“ƏDƏBİ OVQAT” JURNALI PDF

“YAZARLAR”  JURNALI PDF

“ULDUZ” JURNALI PDF

“XƏZAN”JURNALI PDF

WWW.KİTABEVİM.AZ

YAZARLAR.AZ

===============================================

<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və  WWW.USTAC.AZ >>>> 

Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93   E-mail: zauryazar@mail.ru

Бийбимәрьям – ШАЙЫРЛАР

ШАЙЫРЛАР

Меҳирге толыдай оның жүреги,
Толып тасып күнде жаза береди.
Оның дәртлерине солғой кереги,
Илҳам таўларынан саза келеди…

Ашықлық дәртлери түссе басына,
Делбедей арқасы қоза береди.
Периштелер келип оның қасына,
Сәўгиниң шарабын соза береди…

Егерде айралық отларын жақса,
Жүрекке қайтпастай ыза береди.
Және бир нәзелим бир қыя бақса,
Қайтадан жанланып жаза береди…

Жанында тәнинде болса жаңалық,
Қосығы йош берип маза береди.
Қәлем қағазына қайта оралып,
Шайырлар пәт алып жаза береди…

Сыясы Ананы, Ўатанды жырлап,
Қәлеми жорғалап сыза береди.
Ҳәм пейли жүреги турыпты қоллап,
Жаңа дөретпелер жаза береди…

Қайғы – ғам тәшиўшлер соның ишинде,
Өмирдиң мазмунын соза береди.
Тынбастан илҳамның берген күшинде,
Шайырлар шаршамай жаза береди…

Бул берген Тәбият сыйлы инәмы,
Ҳәр түрли көзлерде оны көреди.
Егер тири болса Шайыр әўлады,
Кеўлине сыйғанын жаза береди…

Қосық өзи болмас оқыған ўақта,
Жазғаның қан менен қоса келеди.
Алтын сыяларды түсирип хатқа,
Негедур Шайырлар жаза береди…

22.04.2024 ж.

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА

TÜRK DÜNYASI YAZARLARI

Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana

“ƏDƏBİ OVQAT” JURNALI PDF

“YAZARLAR”  JURNALI PDF

“ULDUZ” JURNALI PDF

“XƏZAN”JURNALI PDF

WWW.KİTABEVİM.AZ

YAZARLAR.AZ

===============================================

<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və  WWW.USTAC.AZ >>>> 

Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93   E-mail: zauryazar@mail.ru

Бийбимәрьям – ЖАЗДЫ КҮТИП

ЖАЗДЫ КҮТИП

Бәҳәр инәм етип бахытлы таңын,
Кийдирмек болады гүл шеңбер тажын.
Муҳаббат ишкизип паллы шарабын,
Ғул – ғула салады тек жазды күтип…

Көклем нәпесине тойынып кеўлим,
Ышқы дарғасындай салады зәўлим.
Себеби шығарда сырлы қараўдың,
Талпынып турыппан мен жазды күтип…

Жаздың шырайына боларман шайда,
Көк – көмбек гилемдей болмаса қайда.
Тәбият инәми кирсем сарайға,
Сағынып жасайман мен жазды күтип…

Тәбият көксинде қолымнан услап,
Жүрсең жалынлатып сезимиң таслап.
Сол ўақта кеткендей кеўил ҳалласлап,
Негедур күтемен сағынып күтемен жазды…

Жаз сийнеси жанландырып жәҳәнди,
Сүйемен ҳәр күнги атқан ҳәр таңды.
Қос гүбелек ойын қурған мәҳәлди,
Ышқый қәлбим менен жазды күтемен…

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА

TÜRK DÜNYASI YAZARLARI

Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana

“ƏDƏBİ OVQAT” JURNALI PDF

“YAZARLAR”  JURNALI PDF

“ULDUZ” JURNALI PDF

“XƏZAN”JURNALI PDF

WWW.KİTABEVİM.AZ

YAZARLAR.AZ

===============================================

<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və  WWW.USTAC.AZ >>>> 

Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93   E-mail: zauryazar@mail.ru

Бийбимәрьям – ГҮЛЛЕРСИЗ

ГҮЛЛЕРСИЗ
(8 – марть байрамына)

Дүнья жаснамайды билсем сизлерсиз,
Ана, апа, сиңли және кимлерсиз.
Жубайыңа сүйикли яр атанған,
Кең әлемде шайқатылған гүллерсиз…

Бириң лала, бириң мегзес қызғалдақ,
Бар күшиң сарыплап турмысқа арнап.
Перзентти өсирип, өмирге жоллап,
Бахытын тилеген сизлер гүллерсиз…

Көзге түссең ләззет берер ҳәммеге,
Гөззаллығың илҳәм берер бендеңе.
Ҳәзиллескен өзи дилўар жеңгеңе,
Тиллерине муқам берген гүллерсиз…

Таңда турсаң гүл жүзлериң жадырап,
Сен күлгенде жайнап кетер әтирап.
Ҳаял – қызлар бул дүньяның шырайы,
Жәҳәнди қулпыртқан сизлер гүллерсиз…

Сен Анасаң берген өмир инсанға,
Апа – сиңли, қарындассаң мың санға.
Еринбеген бесик тербер бир таңға,
Жаратыўшы инсанларды гүллерсиз…

Даўам еткей, қулпырғанда гүл бағың,
Нама шалып бүлбил етсин сайранын.
Мен мегзеткен ҳаял – қызлар бәриңе,
Қутлы болсын ҳаял – қызлар байрамың…

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА

TÜRK DÜNYASI YAZARLARI

Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana

“ƏDƏBİ OVQAT” JURNALI PDF

“YAZARLAR”  JURNALI PDF

“ULDUZ” JURNALI PDF

“XƏZAN”JURNALI PDF

WWW.KİTABEVİM.AZ

YAZARLAR.AZ

===============================================

<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və  WWW.USTAC.AZ >>>> 

Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93   E-mail: zauryazar@mail.ru

Жансая (Бийбимәрьям) Утамбетова

АҚҚАН ДӘРЬЯ АҒАБЕРЕДИ

Қазып кеткен өзек жол болса,
Көмик қумлар саға береди.
Аржағында суўы мол болса,
Аққан дәрья ағабереди…

Қызыл ағыс шыдатпас жолын,
Еплеп жолын табабереди.
Сарплап соған күшиниң барын,
Аққан дәрья, ағабереди…

Бурқасынлап ылай суўында,
Гүрпилдеген саза береди.
Томар, тамыр патас нәрселер,
Қосылысып аға береди…

Тоқтатыўға кесе жатсаңда,
Домалатып бара береди.
Кес – кеслеўдиң жолын тапсаңда,
Аққан дәрья аға береди…

Шарасы жоқ тапсаңда қандай,
Аспанлардан нала келеди.
Түсингенге илҳәмда сондай,
Аққан дәрья ағабереди…

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА

TÜRK DÜNYASI YAZARLARI

Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana

“ƏDƏBİ OVQAT” JURNALI PDF

“YAZARLAR”  JURNALI PDF

“ULDUZ” JURNALI PDF

“XƏZAN”JURNALI PDF

WWW.KİTABEVİM.AZ

YAZARLAR.AZ

===============================================

<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və  WWW.USTAC.AZ >>>> 

Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93   E-mail: zauryazar@mail.ru

Жансая (Бийбимәрьям) Утамбетова – Ана – тил…

МАҚТАНЫШЫМ АНА ТИЛ

Дүнья тән бергендей сулыў тилим бар,
Сениң менен мен үйренген билим бар.
Аты белли дүнья билер елим бар,
Қарақалпақша мақтанышым Ана – тил…

Сениң менен басланады сәлемим,
Сениң менен сақланады әдебим.
Сен арқалы қосық жазар қәлемим,
Сүйенишим, мақтанышым Ана – тил…

Сен мақтаў бересең атқан таңыма,
Сен арқалы илҳәм кирер жаныма.
Бир өмирге қарысқансаң қаныма,
Жан тәнимде, мақтанышым Ана – тил…

Устазларым сабақ берип мектепте,
Сени қоллап еле мийнет етпекте.
Әўладлардан зор нәтийже күтпекте,
Қәдирданым мақтанышым Ана – тил…

Бағларында сайрап тилде бүлбили,
Бабаларым мийрас етти үлгили.
Сени десе қутлықлайын ҳәр күни,
Байрамыңда, мақтанышым Ана – тил…

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА

TÜRK DÜNYASI YAZARLARI

Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana

“ƏDƏBİ OVQAT” JURNALI PDF

“YAZARLAR”  JURNALI PDF

“ULDUZ” JURNALI PDF

“XƏZAN”JURNALI PDF

WWW.KİTABEVİM.AZ

YAZARLAR.AZ

===============================================

<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və  WWW.USTAC.AZ >>>> 

Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93   E-mail: zauryazar@mail.ru

Жансая (Бийбимәрьям) Утамбетова

ХАЛҚЫМНЫҢ ҮРИП – ӘДЕТ
МИНЕЗИ ЖАҚСЫ

Аталар жол басшы жас шаңараққа,
Енелер тәбия,ақлыққа сақшы.
Турмыс өте берер сынаўы ашшы,
Халқымның үрип – әдет минези жақсы…

Перзент деп жолында күйгени басқа,
Ул – қызы өседи қарап ықласқа.
Меҳирли үлкейсе жора – жолдасқа,
Халқымның үрип – әдет минези жақсы..

Не жақсы жаманды алдынан билген,
Бир бирин басқылап тойларда күлген.
Келин қылар қызын шөкелеп жүрген,
Халқымның үрип әдет минези жақсы..

Меҳирли кеўил бар гейде аўырсақ,
Қандай жақсы қатнасықта таўылсақ.
Мереке – тойларда писер баўырсақ,
Халқымның үрип – әдет минези жақсы..

Қәдениң дәстүрин ырым етеди,
Тойларда қуўаныш көкке жетеди.
Бизиң Қарекеңде солай өтеди,
Халқымның үрип әдет минези жақсы…

Тегинликте тиймес киси кеўлине,
Жайдарыдай инсап берген пейлине.
Кеўли қалса қарамайды кейнине,
Халқымның үрип – әдет минези жақсы…

Өмир даўам етер өсер келешек,
Дәстүр даўам етер жаман демесек,
Тәрбиялы жаслар болар ересек,
Халқымның үрип – әдет минези жақсы…

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА

TÜRK DÜNYASI YAZARLARI

Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana

“ƏDƏBİ OVQAT” JURNALI PDF

“YAZARLAR”  JURNALI PDF

“ULDUZ” JURNALI PDF

“XƏZAN”JURNALI PDF

WWW.KİTABEVİM.AZ

YAZARLAR.AZ

===============================================

<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və  WWW.USTAC.AZ >>>> 

Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93   E-mail: zauryazar@mail.ru

  

Жансая Бийбимәрьям – ГҮЗ САҒЫНЫШЫ

ГҮЗ САҒЫНЫШЫ

Жапырақлар ушпақта сылдырлап кеўип,
Үйилер ой жерден табылғанындай.
Кешеги саяман жап – жасыл кейип,
Сезилер бәҳәрин сағынғанындай…

Сылдырлап ақшамда сыбырласқанын,
Алты ай, ўәдеден табылғанындай.
Дарақ тыр жалаңаш таўсып дәстанын,
Түрленген жаз паслын сағынғанындай…

Қуў ағаш басында еки жапырақ,
Желбирер самалға үрлер бағынбай.
Қашан ушарында билмес қалтырап,
Өткен күнлер қумсап сағынғанындай…

Гүздиң көриниси ой салды маған,
Турғандай муңына теңеў табылмай.
Сезилди кийимин шешинген қыздай,
Жаздағы либасын сағынғанында.

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА

TÜRK DÜNYASI YAZARLARI

Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana

“ƏDƏBİ OVQAT” JURNALI PDF

“YAZARLAR”  JURNALI PDF

“ULDUZ” JURNALI PDF

“XƏZAN”JURNALI PDF

WWW.KİTABEVİM.AZ

YAZARLAR.AZ

===============================================

<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və  WWW.USTAC.AZ >>>> 

Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93   E-mail: zauryazar@mail.ru

  

Заур Устас – Устасам

USTACAM
Müzəffər ordunun şanlı əsgəri,
Ərənlər yurdunun ər övladıyam!
Zalımın zülmünə təhəmmülüm yox,
Babəklər yurdunun hürr övladıyam!


Ustadım Nəsimi, sözümüz sözdü,
Ədalət, həqiqət bağrımda közdü,
Ziyadar dühası bir deyil, yüzdü,
Mövlalar yurdunun nur övladıyam!


Dərvişəm, müqqəddəs sayılır təkkəm,
Hülqumdan yuxarı dayanır öfkəm,
Od, ocaq diyarı tanınır ölkəm,
Alovlar yurdunun nar övladıyam!


Unutma, şah babam Xətai başdı,
Nadir şah, mətədə tərpənməz daşdı,
İlham, nə keçilməz sədləri aşdı,
İgidlər yurdunun nər övladıyam!


Tarixdə Nəbisi, Koroğlusu var,
Gen dünya yağıya daim olub dar,
Düşmən qarşımızda yenə oldu xar,
Aslanlar yurdunun şir övladıyam!


Göydən Yer üzünə ərmağan, payam,
Gündüzlər Günəşəm, gecələr Ayam,
Ən parlaq ulduzdan törəyən boyam,
Ozanlar yurdunun sirr övladıyam!


Ustacam, vətənim vətən içində,
Axıb duruluruq zaman köçündə,
Min bir anlamı var, adi “heç”in də,
Aqillər yurdunun pir övladıyam!

УСТАСАМ
Музаффар орданың шәнли әскери,
Яранлар журтының зор әўладыман.
Залымның зулымына тақат етпеген,
Бабақлар журтының ҳүр әўладыман.

Устазым Нәсими сөзимиз сөзли,
Әдалат ҳақыйқат баўырымда көзли.
Зыядар дүньясы бирдейин жүзли,
Мовлалар журтының нур әўладыман.

Дәрўишпен, бурыннан сейиллер еткен,
Жанымнан жоқары таянып өкпем.
Ақ ошақ дияры танылып үлкем,
Жалынлар журтының нар әўладыман.

Умытпа сен бабам Хәтәй басты,
Нәдир шаҳ өткинши тәреппаз дашты.
Илҳәм да кесилмес сырларын ашты,
Жигитлер журтының мәрт әўладыман.

Тарыйхта Нәбисий Қороғлусы бар,
Кең дүнья жарқырап мудам алып нәр.
Душпан қарсымызда жанды алды ҳәр,
Арысланлар журтының сыр әўладыман.

Қойдан Жер жүзине әрмандур паян,
Қундызлар Ғунашам деселер Анам.
Ең парлақ жулдыздан дөреген боям,
Озғанлар журтының шын әўладыман.

Устасам ўатаным, ўатан ишинде,
Жаңа дөрележақ заман күшинде.
Мың бир ықлымы бар ,ертек ,,кеш” инде,
Ақыллар журтының бир әўладыман.

Әзербайжан тилинен
Қарақалпақ тилине аўдарған:

Жансая Бийбимәрьям

Müəllif: Zaur USTAC

ZAUR USTACIN YAZILARI


>>>> ƏN ÇOX OXUNAN HEKAYƏ <<<<

Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana

“ƏDƏBİ OVQAT” JURNALI PDF

“YAZARLAR”  JURNALI PDF

“ULDUZ” JURNALI PDF

“XƏZAN”JURNALI PDF

WWW.KİTABEVİM.AZ

YAZARLAR.AZ

===============================================

<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və  WWW.USTAC.AZ >>>> 

Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93   E-mail: zauryazar@mail.ru