Бийбимәрьям – ЕЛГЕ САҒЫНЫШ

ЕЛГЕ САҒЫНЫШ

Өмир өзи сондай дейди адамлар,
Жасаўдың кәрўанын тартып барады.
Жас минген соң ойлап хожалығыңды,
Турмыс тәшиўишлери артып барады…

Безип үйден, алысларға атланып,
Қайнаған жаныңды қалпып барады.
Биреў жетер жетпес, биреў байлықлы,
Дәўранын қайра басып, шалқып барады…

Патшалық дәўирим балалық дәўран,
Шилтер көйлек кийип ойнаған тойда.
Жумыс аўырласса енди ол әрман,
Шаңғытып ойнаған жаслығым қайда?..

Гезип Қызкеткенниң жағаларында,
Бахытлы ҳәр күни атқан таңларым.
Қол ушы көтерип бетимнен сүйген,
Қаяқта баўырман туўысқанларым…

Гөззал көшелери Нөкис қаламның,
Жап жарық сүтиндей жарқырап турған.
Ыссы шөреклери жаўған Анамның,
Ҳәзир алысларда қайларда қалған ?…

Сағынаман Ана топырақ жеримди,
Сағынаман саҳра Арал шөлимди.
Бәлент жерге шығып қарай беремен,
Сағынаман Қарақалпақтай елимди…

Ақтөбе

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

Bir cavab yazın

Sizin e-poçt ünvanınız dərc edilməyəcəkdir. Gərəkli sahələr * ilə işarələnmişdir