Etiket arxivi: ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА

ДОСЛЫҚТЫҢ КИТАБЫ ОҢ БОЛСЫН ДОСЛАР

ДОСЛЫҚТЫҢ КИТАБЫ ОҢ БОЛСЫН ДОСЛАР

Қандай қуўанышлы жақсылық хабар,
Еситип мәз – мәйрам кеўил ҳәз табар.
Еки ел жүреги теңдейин соғар,
Дослық китабыңыз оң болсын дослар!…

Қыяслап шайырлар түнниң жулдызын,
Мәпелеп өсирген мудам ул – қызын.
Қушақ ашқан, Қарақалпақ, Қырғызым,
Дослық китабыңыз оң болсын дослар!…

Сағынысып қушақласып көрискен,
Қаратаў, Алатаў сәлем берискен.
Көпир салып көп нәрсеге ерискен.
Дослық китабыңыз оң болсын дослар!…

Шайыр жазып Қарақалпақ елинде,
Илҳәм йошы тасқынлаған бәринде.
Китабы басылған Ош шәҳәринде,
Дослық китабыңыз оң болсын дослар!…

Досларда мудамы сақланған опа,
,, Дослық – көпири ” не берилди баҳа.
Саў саламат жүриң Қундузбу апа!..
Дослық китабыңыз оң болсын дослар!…

,, Алақа” ның шығып Қырғыз фондынан,
Бир әжеп китапдур көрмеген көрсин.
Миннетдарман еки елдиң халқынан,
Дослықтың байрағы желбирей берсин!

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

DAHA ÇOX MƏLUMAT BURADA

Oxuyun >> Gözündə tük var

Zaur Ustacın şeirləri haqqında

YAZARLAR.AZ

I>>>>>>BU HEKAYƏNİ MÜTLƏQ OXU<<<<<<I

I>>Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana<<I

Бийбимәрьям – АДАМ КЕЎЛИ СОНДАЙ

АДАМ КЕЎЛИ СОНДАЙ

Адам кеўли сондай ала – сапыран,
Жиниккен қыялды меңгерип болмас.
Қайтпасқара деген менде бар уран,
Ишимде буққышлап дәртлерим қалмас.

Адам кеўли сондай, гейде шыдамай,
Кимсесиз таўларда қалып кетемен.
Тек ентигип арымды деп жыламай,
Ишки дәртлеримди алып кетемен.

Адам кеўли сондай, сырнықса қыйын,
Маған зулымлығын қылып турғандай.
Қара булт самалы ҳәр ескен сайын,
Бөрилер айланып улып турғандай.

Адам кеўли сондай, гейде жағымсыз,
Зеригип кетеди адамларданда.
Қорықпайды есерсоқ мына ,,жаман – қыз “
Булт басқан таўларда думанларда да.

Адам кеўли сондай, зарығар излеп,
Сыртқа төгип қайтар иште барымды.
Саған жан – тәнимди қойғандай гизнеп,
Жолдан урагөрмең сүйген ярымды !…

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

DAHA ÇOX MƏLUMAT BURADA

Oxuyun >> Gözündə tük var

Zaur Ustacın şeirləri haqqında

YAZARLAR.AZ

I>>>>>>BU HEKAYƏNİ MÜTLƏQ OXU<<<<<<I

I>>Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana<<I

Бийбимәрьям – ЕЛГЕ САҒЫНЫШ

ЕЛГЕ САҒЫНЫШ

Өмир өзи сондай дейди адамлар,
Жасаўдың кәрўанын тартып барады.
Жас минген соң ойлап хожалығыңды,
Турмыс тәшиўишлери артып барады…

Безип үйден, алысларға атланып,
Қайнаған жаныңды қалпып барады.
Биреў жетер жетпес, биреў байлықлы,
Дәўранын қайра басып, шалқып барады…

Патшалық дәўирим балалық дәўран,
Шилтер көйлек кийип ойнаған тойда.
Жумыс аўырласса енди ол әрман,
Шаңғытып ойнаған жаслығым қайда?..

Гезип Қызкеткенниң жағаларында,
Бахытлы ҳәр күни атқан таңларым.
Қол ушы көтерип бетимнен сүйген,
Қаяқта баўырман туўысқанларым…

Гөззал көшелери Нөкис қаламның,
Жап жарық сүтиндей жарқырап турған.
Ыссы шөреклери жаўған Анамның,
Ҳәзир алысларда қайларда қалған ?…

Сағынаман Ана топырақ жеримди,
Сағынаман саҳра Арал шөлимди.
Бәлент жерге шығып қарай беремен,
Сағынаман Қарақалпақтай елимди…

Ақтөбе

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

Бийбимәрьям – КЕЎИЛ ЖАЗЫП БИР АЙЛАНЫП ҚАЙТПАСАМ

КЕЎИЛ ЖАЗЫП БИР АЙЛАНЫП ҚАЙТПАСАМ

Тәшиўиши таўсылмас өткинши күнниң,
Дәртлериңди ақ қағазға айтпасаң.
Өзиң ойламасаң, ойлайды кимиң ?
Кеўил жазып бир айланып қайтпасам.

Әрманлар жүрекке толып баратыр,
Денлериң саў болып тыныш уйықласаң.
Наўқаслық асықпа дейди ,,тура – тур”,
Кеўил жазып бир айланып қайтпасам.

Неше жыллар шықпай үйден сарсылып,
Ана деген қәдиримди жойтпасам.
Наўқаспан деп айтыўғада арсынып,
Ҳаўа өзгертип бир айланып қайтпасам.

Таярланып бүгин жолды гөзледим,
Көрейин басқа жер
ҳаўаларынан.
Дениме саўлық ҳәм шыпа изледим,
Ақтөбе тәрептиң қалаларынан.

Ыңылдап ишимнен нәжатлар тилеп,
Тиленип Аллаға зикир айтайын.
Солай деп мендеги соғып тур жүрек,
Кеўил жазып бир айланып қайтайын.

19 – сентябрь 2025 жыл.

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

Адам ойларына келмейди нелер…

Кимсесиз жайлаўда жүрсемде азып,
Қыяллар сүремен кеўлим қулазып.
Қайларға кетеди арзыў әрманлар,
Муҳаббат туйғысы мен ушын азық.

Барымды илдирип сулыў денеме,
Жолыңа ашықтай қарағым келер.
Қашан келер екен ақ атлы кимсе,
Адам ойларына келмейди нелер…

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

Жансая (Бийбимәрьям) Утамбетова – ГҮЗГИ ТОЛҒАНЫС

ГҮЗГИ ТОЛҒАНЫС

Көргим келди, гүзги мәўрит тоғайды,
Алтын сыя түске енип атырған.
Қәлбим кимди дейди, кимди сорайды?.
Алыс – алыслардан илҳәм шақырған…

Бунша бояў берген қайсы сүўреткеш,
Қызыл, жасыл, сары көркемлик етип.
Ана тәбиятым сәлем Әссалам,
Сени көрмек ушын келдим мен жетип…

Бир гәпи бар еди айтқан ағайдың,
Зейниң ашылар деп кеўил сарайдың.
Және кеўлим ғаплет ойларға баттым,
“Тарзаны” бармекен деп мына тоғайдың…

Кинода көргендей кеп кетсе екен,
Сени сүйдим десе, деп кетсе екен.
Белимнен қушақлап, шақтан шақларға,
Деген қыял келер ап кетсе екен…

Гүзги көриниске көзим тоймады,
Тоғай жарасығы менде бир гүлмен.
Қараң тәбиятты, қараң гүзимди,
Сениң қушағыңда тентиреп жүрмен…

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

Бийбимәрьям – АҚ ОРАМАЛ ТАРТҚАН ҚЫЗ

Күн темасына :

АҚ ОРАМАЛ ТАРТҚАН ҚЫЗ

Бурынғының үлгиси,
Мыйығында күлкиси.
Қазағымның бир қызы,
Ақ ораммал тартқан қыз.

Дәстүр – салтын әдемлеп,
Самоварда чай демлеп.
Усынар кеўлин жәмлеп,
Ақ орамал тартқан қыз.

Ески салтын умытпай,
Ақ отаўда бир жулдыз.
Бар хызметин аямас,
Ақ орамал тартқан қыз.

Оранып бақ бостанға,
Сырын айтпас душпанға.
Жасамақта тап ҳәзир
Қарақалпақстанда,
Ақ орамал тартқан қыз.

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

АЛТЫН ТОЙ

ЖҮЗ ЖАС ПЕНЕН ЖҮЗЛЕСКЕН
МАМАМЫЗ ГҮЛЗАБИРА
ӘЖЕМИЗГЕ

 АЛТЫН   ТОЙ

Бүгин ,, Орнек ” халқы жайнап жаснаған,
Дәстүр – салтын қолларында услаған.
Бир әсирлик уллы тойды баслаған,
Нсийип етип атыр бүгин Алтын той!..

Жүз жыл..аңсат емес айтылыўғада,
Тирисиз ҳақың жоқ жойтылыўғада.
Жеткерди қудайым той қылыўға да,
Бүгин уллы халқым берер
Алтын той!…

Ала – сапыранлы өткен көп күнлер,
Тәшиўиш қуўанышты арқалап кимлер.
Ҳажыныяз Ешинияз, Карамаддинлер,
Олар арзыў еткен бүгин Алтын той!…

Айтсаң өткен өмир үлкен тарыйх бул,
Сиңли – апа жайнап турған қызыл гүл.
Сиңлилери Оралхан ҳәм Генжегүл,
Ҳәммениң арзыўсы бүгин Алтын той!…

Алла өмир берди ҳәмде қоллады,
Талай қуўандырды талай алдады.
Мына заман келди, әрман қалмады,
Шүкирликте несийп етти Алтын той!…

Ақлық шаўлық қуўлық көрген көзлери,
Оларға сабақтай басқан излери.
Қызыл гүлдей орар жанып жүзлери,
Қәдирдан мамада бүгин Алтын той!…

Жайна Мамажаным қайта жасарып,
Отырмаң өткинши ойларға талып,
Қылған мәртлигиңди сыйлайды халық,
Қуўанышта бөлисейик Алтын той!…

Әжим басқан жүзиң жыллар дизбеги,
Мегзейсиз мийўеге пискен гүздеги.
Мыналар нәўшелер еккен издеги,
Бүгин шадланбақта болып Алтын той!…

Қандай бахыт жүз жас пенен жүзлесиў,
Жаңа заман менен тарыйх тиллесиў.
Дәўир басқышлары шәртли мингесиў,
Соны басқан мамам бүгин Алтын той!…

Сиздей уллы инсан заты көп келгей,
Ҳәммениде жасыңызға жеткергей.
Уллы тойды ойнап күлип өткергей,
Мамажаным қутлы болсын Алтын той !…..

Жансая ( Бийбимәрьям )
Утамбетова

23-Октябрь күнине 2025 жыл

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

ӨЗБЕКСТАНСАҢ

 ӨЗБЕКСТАНСАҢ

Сулыў қалаларың қарап тоймайман,
Дүньядағы әжеп тыныш бостансаң.
Қушағыңда гүллер киби жайнайман,
Бахытлы ел уллы Өзбекстансаң.

Әмелге асырып уллы жоспарды,
Келешекке бағдарлаған жасларды.
Гүл менен сыйлайсаң келген досларды,
Келешеги жарқын Өзбекстансаң.

Сенде байлықлардың шексиз кәни бар,
Дийханшылық, қурылыс санат бәри бар.
Гимниңде таўсылмастай мәни бар,
Дүньяға белгили Өзбекстансаң.

Ана ўатан ушын бәрин жараттың,
Спорт, мәдениятта даңқың тараттың.
Дослық меҳир менен бәрин қараттың,
Жәҳәнге белгили Өзбекстансаң,

Бахытлы турмысың мақтаўға турар,
Мийнетте жасларың жаўланын урар.
Келешекте ўатанымды гүл қылар,
Халқым әрман еткен Өзбекстансаң.

Келген досқа толы дастурхан жаяр,
Баўыры кең, хызметке мудамы таяр.
Өзбек, Қарақалпақ бәри бир дияр,
Дослықтың орайы Өзбекстансаң.

Таўлардан қулаған суўларың татлы,
Әрман еткен халқым жолларың жақты.
Елимниң , халқымның ашылсын бахты,
Келешегиң нурлы Өзбекстансаң.

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

Бийбимәрьям – СЕНИ ҚУЎЫП МЕН ҲӘЛЕК

СЕНИ ҚУЎЫП МЕН ҲӘЛЕК

Шашты тарап ертелеп,
Маған кеўлиң бир пәлек.
Қарамайсаң ҳәңкийип,
Сени қуўып мен ҳәлек.

Сораспайсаң ҳал жағдай,
Мен турсамда еркелеп.
Жигит болды бул қандай?,
Сени қуўып мен ҳәлек.

Ишимдегин тап дейсең,
Сүйгиден жоқ ҳеш дәрек.
Сулыў қызлар көп дейсең,
Сени қуўып мен ҳәлек.

Қыз балаға ҳәр қашан,
Намыс пенен ар керек.
Мағанда бир яр керек,
Сени қуўып мен ҳәлек.

Жалынсын деп ойлайсаң,
Бул минезди қоймайсаң.
Бунша мени қыйнайсаң,
Сени қуўып мен ҳәлек.

Не қыл дейди бул жүрек?
Сениң орның бир бөлек.
Онда солай жүребер,
Сени қуўып мен ҳәлек.
16.07.2025 жыл

Лейла Тәтешимниң темасына.

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА

TÜRK DÜNYASI YAZARLARI

Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana

“ƏDƏBİ OVQAT” JURNALI PDF

“YAZARLAR”  JURNALI PDF

“ULDUZ” JURNALI PDF

“XƏZAN”JURNALI PDF

WWW.KİTABEVİM.AZ

YAZARLAR.AZ

===============================================

<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və  WWW.USTAC.AZ >>>> 

Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93   E-mail: zauryazar@mail.ru