
ГҮЗГИ ТОЛҒАНЫС
Көргим келди, гүзги мәўрит тоғайды,
Алтын сыя түске енип атырған.
Қәлбим кимди дейди, кимди сорайды?.
Алыс – алыслардан илҳәм шақырған…
Бунша бояў берген қайсы сүўреткеш,
Қызыл, жасыл, сары көркемлик етип.
Ана тәбиятым сәлем Әссалам,
Сени көрмек ушын келдим мен жетип…
Бир гәпи бар еди айтқан ағайдың,
Зейниң ашылар деп кеўил сарайдың.
Және кеўлим ғаплет ойларға баттым,
“Тарзаны” бармекен деп мына тоғайдың…
Кинода көргендей кеп кетсе екен,
Сени сүйдим десе, деп кетсе екен.
Белимнен қушақлап, шақтан шақларға,
Деген қыял келер ап кетсе екен…
Гүзги көриниске көзим тоймады,
Тоғай жарасығы менде бир гүлмен.
Қараң тәбиятты, қараң гүзимди,
Сениң қушағыңда тентиреп жүрмен…
YAZAR: BİBİMƏRYƏM