
КЕЎИЛ ЖАЗЫП БИР АЙЛАНЫП ҚАЙТПАСАМ
Тәшиўиши таўсылмас өткинши күнниң,
Дәртлериңди ақ қағазға айтпасаң.
Өзиң ойламасаң, ойлайды кимиң ?
Кеўил жазып бир айланып қайтпасам.
Әрманлар жүрекке толып баратыр,
Денлериң саў болып тыныш уйықласаң.
Наўқаслық асықпа дейди ,,тура – тур”,
Кеўил жазып бир айланып қайтпасам.
Неше жыллар шықпай үйден сарсылып,
Ана деген қәдиримди жойтпасам.
Наўқаспан деп айтыўғада арсынып,
Ҳаўа өзгертип бир айланып қайтпасам.
Таярланып бүгин жолды гөзледим,
Көрейин басқа жер
ҳаўаларынан.
Дениме саўлық ҳәм шыпа изледим,
Ақтөбе тәрептиң қалаларынан.
Ыңылдап ишимнен нәжатлар тилеп,
Тиленип Аллаға зикир айтайын.
Солай деп мендеги соғып тур жүрек,
Кеўил жазып бир айланып қайтайын.
19 – сентябрь 2025 жыл.
YAZAR: BİBİMƏRYƏM