Etiket arxivi: ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА

Бийбимәрьям – АНАЖАНЫМ САЎАЛЫП КЕТ

АНАЖАНЫМ САЎАЛЫП КЕТ

Қубла тәреп тиленип мен дуўа қылдым,
Жаратқаным мениң ушын саўап ис ет !.
Көз жасымды төгилдирип наўа қылдым,
Анажаным..наўқасыңнан саўалып кет…

Жүзлериңнен жыйрық – жыйрық әжим шалды,
Орныңнан тур баяғыдай жан алып кет.
Қызым деген баяғы сөз қайда қалды,
Анажаным тиренишим саўалып кет…

Аймалаған алақаның сағыныппан,
Бурынғыдай баўырыңа сән алып кет.
Ойлап көрсем сениң ушын не қылыппан,
Анажаным көзиңди аш, саўалып кет…

Отырыппан көздиң жасын булай – булай,
Тилегимнен қызыңманғой нәр алып кет .
Тәңиримнен жалбараман сорай сорай,
Анажаным мениң ушын саўалып кет…

Тиренишим арқа сүйер дийўалымсаң,
Сол нәлшеңнен мийўасынан дәм алып кет.
Жол көрсеткен ҳәм ақыллы зыялымсаң,
Анажаным мениң ушын саўалып кет…

Көзиң ашсаң жадыраған күн шығады,
Сен аўырсаң мениң кеўлим туншығады.
Жүзлериңе қызың қарап ҳәм бағады,
Анажаным мениң ушын саўалып кет…
30 – апрель 2024 жыл…

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА

TÜRK DÜNYASI YAZARLARI

Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana

“ƏDƏBİ OVQAT” JURNALI PDF

“YAZARLAR”  JURNALI PDF

“ULDUZ” JURNALI PDF

“XƏZAN”JURNALI PDF

WWW.KİTABEVİM.AZ

YAZARLAR.AZ

===============================================

<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və  WWW.USTAC.AZ >>>> 

Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93   E-mail: zauryazar@mail.ru

Бийбимәрьям – СЕНСИЗ ЖАЛҒЫЗДАЙМАН

СЕНСИЗ ЖАЛҒЫЗДАЙМАН

Кеўлим қыялларға кетип төзимсиз,
Таңларым атады заўқы бәзимсиз.
Дүнья босап қалған яңлы өзиңсиз,
Сенсиз жалғыздайман, жалғыздай жаным…

Урқан атқан жазда гүллер шырайы,
Қалғандайсаң шөл кеўлимде бинайы.
Гүл саралап усынсада талайы,
Сенсиз жалғыздайман, жалғыздай жаным…

Қыялым менен бәнт отырман ойда,
Қанат байлап ушар әрманлар қайға,
Менде әрман болдым билсем талайға,
Сенсиз жалғыздайман, жалғыздай жаным…

Естен кетпес сениң күлимлегениң,
Еки ийнимнен услап ,,гүлим” дегениң.
Маған инәм еттиң гүллер шәменин,
Сенсиз жалғыздайман, жалғыздай жаным…

Мениң жүзлериме тигип көзиңди,
Баўырыңа бастың айттың сезимди.
Отырман қәлбимде аңсап өзиңди,
Сенсиз жалғыздайман, жалғыздай жаным…

Аспанлардан жалынып мен сорайман,
Көринбейсең көптен, бир айдан.
Ҳәр күн сайын жолларыңа қарайман,
Сенсиз жалғыздайман, жалғыздай жаным…

Сағыныш кернейди жүрегим езип,
Әрман қыялларым қайларды гезип.
Басқа ойлар менен кетпе сен безип,
Сенсиз жалғыздайман, жалғыздай жаным…

Басқадан ойымды жүрмен жасырып,
Сениң сезимлериң оттай басылып.
Жаным азар берер, саған асығып.
Сенсиз жалғыздайман, жалғыздай жаным…
28 – апрель 2024 жыл…

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА

TÜRK DÜNYASI YAZARLARI

Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana

“ƏDƏBİ OVQAT” JURNALI PDF

“YAZARLAR”  JURNALI PDF

“ULDUZ” JURNALI PDF

“XƏZAN”JURNALI PDF

WWW.KİTABEVİM.AZ

YAZARLAR.AZ

===============================================

<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və  WWW.USTAC.AZ >>>> 

Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93   E-mail: zauryazar@mail.ru

Жансая (Бийбимәрьям) Утамбетова: – ШАЙЫРЛАР

ШАЙЫРЛАР

Меҳирге толыдай оның жүреги,
Толып тасып күнде жаза береди.
Оның дәртлерине солғой кереги,
Илҳам таўларынан саза келеди…

Ашықлық дәртлери түссе басына,
Делбедей арқасы қоза береди.
Периштелер келип оның қасына,
Сәўгиниң шарабын соза береди…

Егерде айралық отларын жақса,
Жүрекке қайтпастай ыза береди.
Және бир нәзелим бир қыя бақса,
Қайтадан жанланып жаза береди…

Жанында тәнинде болса жаңалық,
Қосығы йош берип маза береди.
Қәлем қағазына қайта оралып,
Шайырлар пәт алып жаза береди…

Сыясы Ананы, Ўатанды жырлап,
Қәлеми жорғалап сыза береди.
Ҳәм пейли жүреги турыпты қоллап,
Жаңа дөретпелер жаза береди…

Қайғы – ғам тәшиўшлер соның ишинде,
Өмирдиң мазмунын соза береди.
Тынбастан илҳамның берген күшинде,
Шайырлар шаршамай жаза береди…

Бул берген Тәбият сыйлы инәмы,
Ҳәр түрли көзлерде оны көреди.
Егер тири болса Шайыр әўлады,
Кеўлине сыйғанын жаза береди…

Қосық өзи болмас оқыған ўақта,
Жазғаның қан менен қоса келеди.
Алтын сыяларды түсирип хатқа,
Негедур Шайырлар жаза береди…
22.04.2024.

ДЕМДЕ ЕКЕН

Гөдекликтен бәләғатқа жеткенше,
Талпыныўлар балалықтан өткенше.
Қанаңа сыймай сәўериңди күткенше,
Ўақыт деген зымырайды демде екен…

Шамал енип мурыныңа ҳәңкийесең,
Ашық болып дәртлерине ҳәм күйесең.
Жеттим дейсең ,әрманыңа да тийесең,
Хожалықлы болыўың да демде екен…

Арқалайсаң аңсат емес тәшиўишлериң,
Табарман тутарман егер болса ериң,
Қожбаңлайсаң кемис қутық ислеп бәрин,
Перзентке де ықлас пенен демде екен…

Оқытасаң шоқытасаң үйлендирип,
Келинди де үйретесең ийбендирип.
Ақлық бағып өмир өтер сөйтип жүрип,
Шашыңа да аппақ қыраў демде екен…

Ҳалың кетип мәплик кемпир атанасаң,
Бир ҳәз етип қай жерлерде жаталасаң.
Көзиң көрип ишиң жанып от аласаң,
Диңкең кетип ,, мәстан ” болыў демде екен…

Өмир өзи жаратылыс мәзи солай,
Бул ўақыя ушырасты көрдик талай.
Жалғыз кемпир кетти қоңсы жылай жылай,
Адам өзи мийримсизлеў бенде екен…

Ўақыт өтер отырмайды сеннен сорап,
Жасаў деген ҳәзиринше татлы бирақ.
Кешикпедимбекен деген сораў менен,
Отырыппан сүўретиме күнде қарап…

Саат тили айланады тоқтамайды,
Жас мингенди кеўил қурғыр жақламайды.
Ўақыт қатаң ертең сени жоқламайды,
Омир өзи бир бес күнлик демде екен…

19.04.2024.

ЖАСЛЫҚ

Айнаға қарасам бир кимсе бағып,
Жүзине әжимли белгилер тағып.
Қаяқта баяғы лаўлаған жаслық,
Дегендей болады қасларын қағып…

Жалыны өртеген дағлап жүректи,
Инсанға мәўритлер бәлким керекти.
Қазандай қайнаған өткинши жаслық,
Ашықлық дәстаны нелер дөретти…

Көзлери жымыңлап еслейди бәрин,
Бир өмир қол жетпес аҳыўын зарын.
Әрманға айланған өттиңбе жаслық,
Тарыйхта қалғандай болып қумарым…

Сондағы гүл жанған жүзлериң қайда,
Ынтыққан сағынып тигилген айға.
Қанша бояў жақсаң енди жаңармас,
Жаслығың өткен соң енди не пайда…

Ақ көринер қара мойыл шашыңда,
Өзгерипти бираз кеўил тасыңда.
Қалғандай әлўидағ айтып сол жаслық,
Бир сақаллы киси турар қасыңда…

Тәрбияға еле тартар зикирлер,
Тек етемиз бул күнге де шүкирлер.
Буның бәри себепкери сол жаслық,
Қарап турып көзгидеги пикирлер…

18.04.2024.

АЙ БОЛЫП БАҒАЙЫН ТОЛҚЫНЛАРЫҢА

Егер Арал толса түсимдегидей,
Шүкирлик етер ем сениң барыңа.
Балалық гезимде есимдегидей,
Ай болып бағайын толқынларыңа…

Сениң шамал менен шуўылдың қайда,
Тилеклес болғаның аҳыў зарыма.
Гүрпилдеп урылған жағыслы жайға,
Ай болып бағайын толқынларыңа…

Қаншама әрманлар көмилип жатыр,
Үйиншик далада ақ қумларыңа.
Ултаның шөп өскен шексизлик тақыр,
Ай болып бағайын толқынларыңа…

Үмитин үзбеген еле адамзат,
Ашынып күйинип сениң ҳалыңа.
Сеннен гүдер үзиў сирә маған жат,
Ай болып бағайын толқынларыңа…

Түсимде үнсизсең жүрек жаралым,
Ақ көбик суўыңа келдим жаныңа.
Аўыр мүсийбетли оян Аралым,
Ай болып бағайын толқынларыңа…

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА

TÜRK DÜNYASI YAZARLARI


YENİ KİTAB İŞIQ ÜZÜ GÖRÜB

Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana

“ƏDƏBİ OVQAT” JURNALI PDF

“YAZARLAR”  JURNALI PDF

“ULDUZ” JURNALI PDF

“XƏZAN”JURNALI PDF

YAZARLAR.AZ
===============================================

<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və  WWW.USTAC.AZ >>>> 

Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93   E-mail: zauryazar@mail.r

“Пилик шырағым өшпе”.

“Пилик шырағым өшпе”.

Қумай көзлеримде қаншама сыр бар,
Жүрегим төринде қосықлар жырлар,
Сездиңбе сени деп жүзимде нурлар,
Интизар пилик шырағым өшпе.

Узақтан жылтырап жылыў бересең,
Қараңғы түнлерде мени көресең,
Сырымды жасырын сақлап жүресең,
Сағымлы,пилик шырағым өшпе.

Тең жумып көзимди пышығым менен,
Күтемиз қас кирпик қысығым менен,
Қәлбимде жыллы жүз ысығың менен,
Қәлбимде,пилик шырағым өшпе.

Күтемен мен әрман сағынышларды,
Сүйкелип бир қыя бағылысларды,
Көрмесин тәғдийрим жаңылысларды,
Әрманлы,пилик шырағым өшпе.

Жүрегимди жаўладың ба билмеймен,
Саған өмир инәмланған гүлдеймен,
Тек өзиңсиз жалғыз өмир сүрмеймен,
Сүйгеним пиликли шырағым өшпе.

Сол жарығың жақтыртады әлемди,
Ынтығып күтемен таңғы сәлемди,
Қушағымда бир өмирге бол енди,
Өмирде пиликли шырағым өшпе.

Сени деп әрманлар ете беремен,
Күтиўде күн санап өте беремен,
Өзиңди аңсайман күтеберемен,
Мен ушын пиликли шырағым өшпе.♨

15 Январь 2023-Жыл.

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА

TÜRK DÜNYASI YAZARLARI

Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana

“ƏDƏBİ OVQAT” JURNALI PDF

“YAZARLAR”  JURNALI PDF

“ULDUZ” JURNALI PDF

“XƏZAN”JURNALI PDF

WWW.KİTABEVİM.AZ

YAZARLAR.AZ

===============================================

<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və  WWW.USTAC.AZ >>>> 

Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93   E-mail: zauryazar@mail.ru