
ЖАБАН ЖЕРДЕ ӨСКЕН ӘПИЎАЙЫ ҚЫЗБАН
Тезек, отын өртеп ыссы нан жаўған,
Бир қызбан мийнеттен бахтымды таўған.
Таңда ерте турып йошып мал саўған,
Жабан жерде өскен әпиўайы қызбан…
Жайлаўға бараман жалаң аяқта,
Көк жасыл отлақлар излеп қаяқта.
Пәрмана боламан ,, аша – туяққа”,
Кең далада өскен әпиўайы қызбан…
Кең дала нәпеси таза ҳаўадан,
Күш қуўат аламан қула даладан.
Гейде Ҳинд қосығын айтып аламан,
Қолымда шелегим, әпиўайы қызбан…
Мениң ҳәр бир күним бахытлы майдан,
Ҳәз етип жүремен қум я ылайдан.
Тәбият заўқынан ләззетли тойған,
Жабан жерде өскен әпиўайы қызбан…
YAZAR: BİBİMƏRYƏM
ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА
Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana
===============================================
<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və WWW.USTAC.AZ >>>>
Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93 E-mail: zauryazar@mail.ru