Бийбимәрьям – НАЎРЫЗЫМ

НАЎРЫЗЫМ

Бәҳәр сәўир самаллары ескенде,
Қуяш нурларынан меҳир түскенде.
Кеўиллерим илҳам көлин кешкенде,
Маған бир әжайып йош бердиң Наўрыз…

Сүмелек қайнаған қара қазанда,
Миллий дәстүр қуўат берип адамға.
Бүгин йошып илҳам берип мағанда,
Кеўлимди жасартып хош келдиң Наўрыз…

Наманы шерткендей толқытқаныңда,
Әжайып саз бенен балқытқаныңда.
Әткөншек тепкенде ырғытқаныңда,
Кеўлимди көтердиң йош пенен Наўрыз…

Шадланып жас баллар ойын қурғанда,
Пәтпелек ушырып мойын бурғанда.
Мағанда йош келди өзиң турғанда.
Илҳамым оянар сен келсең Наўрыз…

Милий липасларың көрнекли көзге,
Кең баўрың толыдай мақтаўлы сөзге.
Байрамым шадлықта көринер көзге,
Елимди қуўантып келдиң сен Наўрыз…

Дастурхан үстинде түрли тағамлар,
Дәм татың наўырызға қумар боғанлар.
Аман болсын басшы болған ағамлар,
Ҳәммени қуўантып келдиң сен Наўрыз…

Жасарар тәбият жасарар жерлер,
Қолында бел кетпен дийхандай ерлер,
Ҳәммени қуўантқан бул бәҳәр дерлер.
Доланып елиме келдиңбе Наўрыз…

Жарасар көксиңе сазың – сәўбетиң,
Суўың мол елиме келсин әўметиң.
Ҳәммеге бағышлап келсин әўметиң,
Быйылғы жылымда келди деп Наўрыз…

Қушақлап меҳирли қәлбиң жарассын,
Баўырлар көрисип жағдай сорассын.
Байрамларың байрамларға улассын,
Аўылласлар бүгин оң болсын Наўрыз…
20 – марть 2024 жыл.

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА

TÜRK DÜNYASI YAZARLARI

Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana

“ƏDƏBİ OVQAT” JURNALI PDF

“YAZARLAR”  JURNALI PDF

“ULDUZ” JURNALI PDF

“XƏZAN”JURNALI PDF

WWW.KİTABEVİM.AZ

YAZARLAR.AZ

===============================================

<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və  WWW.USTAC.AZ >>>> 

Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93   E-mail: zauryazar@mail.ru

Bir cavab yazın

Sizin e-poçt ünvanınız dərc edilməyəcəkdir. Gərəkli sahələr * ilə işarələnmişdir