
СЕНИ ҚУЎЫП МЕН ҲӘЛЕК
Шашты тарап ертелеп,
Маған кеўлиң бир пәлек.
Қарамайсаң ҳәңкийип,
Сени қуўып мен ҳәлек.
Сораспайсаң ҳал жағдай,
Мен турсамда еркелеп.
Жигит болды бул қандай?,
Сени қуўып мен ҳәлек.
Ишимдегин тап дейсең,
Сүйгиден жоқ ҳеш дәрек.
Сулыў қызлар көп дейсең,
Сени қуўып мен ҳәлек.
Қыз балаға ҳәр қашан,
Намыс пенен ар керек.
Мағанда бир яр керек,
Сени қуўып мен ҳәлек.
Жалынсын деп ойлайсаң,
Бул минезди қоймайсаң.
Бунша мени қыйнайсаң,
Сени қуўып мен ҳәлек.
Не қыл дейди бул жүрек?
Сениң орның бир бөлек.
Онда солай жүребер,
Сени қуўып мен ҳәлек.
16.07.2025 жыл
Лейла Тәтешимниң темасына.
YAZAR: BİBİMƏRYƏM
ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА
Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana
===============================================
<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və WWW.USTAC.AZ >>>>
Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93 E-mail: zauryazar@mail.ru