Бийбимәрьям – ШАЙЫРЛАР

ШАЙЫРЛАР

Меҳирге толыдай оның жүреги,
Толып тасып күнде жаза береди.
Оның дәртлерине солғой кереги,
Илҳам таўларынан саза келеди…

Ашықлық дәртлери түссе басына,
Делбедей арқасы қоза береди.
Периштелер келип оның қасына,
Сәўгиниң шарабын соза береди…

Егерде айралық отларын жақса,
Жүрекке қайтпастай ыза береди.
Және бир нәзелим бир қыя бақса,
Қайтадан жанланып жаза береди…

Жанында тәнинде болса жаңалық,
Қосығы йош берип маза береди.
Қәлем қағазына қайта оралып,
Шайырлар пәт алып жаза береди…

Сыясы Ананы, Ўатанды жырлап,
Қәлеми жорғалап сыза береди.
Ҳәм пейли жүреги турыпты қоллап,
Жаңа дөретпелер жаза береди…

Қайғы – ғам тәшиўшлер соның ишинде,
Өмирдиң мазмунын соза береди.
Тынбастан илҳамның берген күшинде,
Шайырлар шаршамай жаза береди…

Бул берген Тәбият сыйлы инәмы,
Ҳәр түрли көзлерде оны көреди.
Егер тири болса Шайыр әўлады,
Кеўлине сыйғанын жаза береди…

Қосық өзи болмас оқыған ўақта,
Жазғаның қан менен қоса келеди.
Алтын сыяларды түсирип хатқа,
Негедур Шайырлар жаза береди…

22.04.2024 ж.

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА

TÜRK DÜNYASI YAZARLARI

Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana

“ƏDƏBİ OVQAT” JURNALI PDF

“YAZARLAR”  JURNALI PDF

“ULDUZ” JURNALI PDF

“XƏZAN”JURNALI PDF

WWW.KİTABEVİM.AZ

YAZARLAR.AZ

===============================================

<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və  WWW.USTAC.AZ >>>> 

Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93   E-mail: zauryazar@mail.ru

Bir cavab yazın

Sizin e-poçt ünvanınız dərc edilməyəcəkdir. Gərəkli sahələr * ilə işarələnmişdir