АЛТЫН ТОЙ

ЖҮЗ ЖАС ПЕНЕН ЖҮЗЛЕСКЕН
МАМАМЫЗ ГҮЛЗАБИРА
ӘЖЕМИЗГЕ

 АЛТЫН   ТОЙ

Бүгин ,, Орнек ” халқы жайнап жаснаған,
Дәстүр – салтын қолларында услаған.
Бир әсирлик уллы тойды баслаған,
Нсийип етип атыр бүгин Алтын той!..

Жүз жыл..аңсат емес айтылыўғада,
Тирисиз ҳақың жоқ жойтылыўғада.
Жеткерди қудайым той қылыўға да,
Бүгин уллы халқым берер
Алтын той!…

Ала – сапыранлы өткен көп күнлер,
Тәшиўиш қуўанышты арқалап кимлер.
Ҳажыныяз Ешинияз, Карамаддинлер,
Олар арзыў еткен бүгин Алтын той!…

Айтсаң өткен өмир үлкен тарыйх бул,
Сиңли – апа жайнап турған қызыл гүл.
Сиңлилери Оралхан ҳәм Генжегүл,
Ҳәммениң арзыўсы бүгин Алтын той!…

Алла өмир берди ҳәмде қоллады,
Талай қуўандырды талай алдады.
Мына заман келди, әрман қалмады,
Шүкирликте несийп етти Алтын той!…

Ақлық шаўлық қуўлық көрген көзлери,
Оларға сабақтай басқан излери.
Қызыл гүлдей орар жанып жүзлери,
Қәдирдан мамада бүгин Алтын той!…

Жайна Мамажаным қайта жасарып,
Отырмаң өткинши ойларға талып,
Қылған мәртлигиңди сыйлайды халық,
Қуўанышта бөлисейик Алтын той!…

Әжим басқан жүзиң жыллар дизбеги,
Мегзейсиз мийўеге пискен гүздеги.
Мыналар нәўшелер еккен издеги,
Бүгин шадланбақта болып Алтын той!…

Қандай бахыт жүз жас пенен жүзлесиў,
Жаңа заман менен тарыйх тиллесиў.
Дәўир басқышлары шәртли мингесиў,
Соны басқан мамам бүгин Алтын той!…

Сиздей уллы инсан заты көп келгей,
Ҳәммениде жасыңызға жеткергей.
Уллы тойды ойнап күлип өткергей,
Мамажаным қутлы болсын Алтын той !…..

Жансая ( Бийбимәрьям )
Утамбетова

23-Октябрь күнине 2025 жыл

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

Bir cavab yazın

Sizin e-poçt ünvanınız dərc edilməyəcəkdir. Gərəkli sahələr * ilə işarələnmişdir