
ӨЗБЕКСТАНСАҢ
Сулыў қалаларың қарап тоймайман,
Дүньядағы әжеп тыныш бостансаң.
Қушағыңда гүллер киби жайнайман,
Бахытлы ел уллы Өзбекстансаң.
Әмелге асырып уллы жоспарды,
Келешекке бағдарлаған жасларды.
Гүл менен сыйлайсаң келген досларды,
Келешеги жарқын Өзбекстансаң.
Сенде байлықлардың шексиз кәни бар,
Дийханшылық, қурылыс санат бәри бар.
Гимниңде таўсылмастай мәни бар,
Дүньяға белгили Өзбекстансаң.
Ана ўатан ушын бәрин жараттың,
Спорт, мәдениятта даңқың тараттың.
Дослық меҳир менен бәрин қараттың,
Жәҳәнге белгили Өзбекстансаң,
Бахытлы турмысың мақтаўға турар,
Мийнетте жасларың жаўланын урар.
Келешекте ўатанымды гүл қылар,
Халқым әрман еткен Өзбекстансаң.
Келген досқа толы дастурхан жаяр,
Баўыры кең, хызметке мудамы таяр.
Өзбек, Қарақалпақ бәри бир дияр,
Дослықтың орайы Өзбекстансаң.
Таўлардан қулаған суўларың татлы,
Әрман еткен халқым жолларың жақты.
Елимниң , халқымның ашылсын бахты,
Келешегиң нурлы Өзбекстансаң.
YAZAR: BİBİMƏRYƏM