
АҚҚАН ДӘРЬЯ АҒАБЕРЕДИ
Қазып кеткен өзек жол болса,
Көмик қумлар саға береди.
Аржағында суўы мол болса,
Аққан дәрья ағабереди…
Қызыл ағыс шыдатпас жолын,
Еплеп жолын табабереди.
Сарплап соған күшиниң барын,
Аққан дәрья, ағабереди…
Бурқасынлап ылай суўында,
Гүрпилдеген саза береди.
Томар, тамыр патас нәрселер,
Қосылысып аға береди…
Тоқтатыўға кесе жатсаңда,
Домалатып бара береди.
Кес – кеслеўдиң жолын тапсаңда,
Аққан дәрья аға береди…
Шарасы жоқ тапсаңда қандай,
Аспанлардан нала келеди.
Түсингенге илҳәмда сондай,
Аққан дәрья ағабереди…
YAZAR: BİBİMƏRYƏM
ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА
Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana
===============================================
<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və WWW.USTAC.AZ >>>>
Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93 E-mail: zauryazar@mail.ru