ТУЎЫЛҒАН ЖЕРГЕ

ТУЎЫЛҒАН ЖЕРГЕ

Ана журтым, ысық көзге,
Сағындырар көп талайды.
Көринисиң маған өзге,
Таслап кетпе деп қарайды…

Суўларыңнан ләззет татқан,
Сылдырласқан жапырақлар.
Кең далалы узын жатқан,
Алтынға тең топырақлар…

Таўларың бар мунарланған,
Қыр далаңда гүлге толған.
Бабалардан мийрас киби,
Туўылған жер болып қалған…

Алмаспайман жасап атқан,
Көзге толы ел – журтымды.
Шөллеп жатқан Аралым бар,
Қәстерлеймен ел халқымды…

Қан тамырым Әмиўим бар,
Тилеймен мен булқыўыңды.
Көллериңде сағындым мен,
Үйрек ғазлар Аққыўыңды…

Туўылған жер заўқы басқа,
Атам егип кеткен бағы.
Егер және таңлар едим,
Кайта айланып келсем тағы…

Туўған жерим әпсанамсаң,
Жүрген жерде мақтаўыма.
Мен қызыңа исенебер,
Исенимди ақлаўына…

Туўған жерим бир тилегим,
Суўсыз көрме ҳеш жәбирди.
Бир қасық суў топырағың,
Мениң ушын дым қәдирли…

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА

TÜRK DÜNYASI YAZARLARI

Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana

“ƏDƏBİ OVQAT” JURNALI PDF

“YAZARLAR”  JURNALI PDF

“ULDUZ” JURNALI PDF

“XƏZAN”JURNALI PDF

WWW.KİTABEVİM.AZ

YAZARLAR.AZ

===============================================

<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və  WWW.USTAC.AZ >>>> 

Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93   E-mail: zauryazar@mail.ru

Bir cavab yazın

Sizin e-poçt ünvanınız dərc edilməyəcəkdir. Gərəkli sahələr * ilə işarələnmişdir