Бийбимәрьям – ҚӘНЕ МУҲАББАТ

ҚӘНЕ МУҲАББАТ

Қаныма аралас меҳирге мегзес,
Сени ойламасам жаным ҳеш төзбес.
Дүньяда бар болсаң, бир аўыз тиллес,
Дәртиңди баян ет, қәне муҳаббат…

Ҳижран өзегинен дәрьядай ағып,
Гөззаллар қәлбине бир қыя бағып.
Тилим ҳәм қәлбиме зер – моншақ тағып,
Кеўлимди жаўладың және муҳаббат…

Сен жаныма кирип қозғаў саласаң,
Сырнықсам суў бой , ойға таласаң.
Бир өмир жүректе мәңги қаласаң,
Бирге мен жасасам қәне муҳаббат…

Дүнья гөззалларға берилген сыйлаў,
Айралық деген бар , инсанды қыйнаў.
Жүректе дүбирлеп шабыс бир айлаў,
Ушыр аспанларға қәне муҳаббат…

Гүл болып келесең сезимиң сиңип,
Пал ҳәрре сыяқлы гүлиңди билип.
Мени лал қыласаң жадырап күлип,
Қүдиретли күшиң бар әне муҳаббат…

Усы күшиң менен қал менде қыслап,
Сени қыялмайман кетпеймен таслап.
Лалазар далаға қолымнан услап,
Кетейик жол басла қәне Муҳаббат !…


18 июль 2024 жыл.

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА

TÜRK DÜNYASI YAZARLARI

Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana

“ƏDƏBİ OVQAT” JURNALI PDF

“YAZARLAR”  JURNALI PDF

“ULDUZ” JURNALI PDF

“XƏZAN”JURNALI PDF

WWW.KİTABEVİM.AZ

YAZARLAR.AZ

===============================================

<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və  WWW.USTAC.AZ >>>> 

Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93   E-mail: zauryazar@mail.ru

Bir cavab yazın

Sizin e-poçt ünvanınız dərc edilməyəcəkdir. Gərəkli sahələr * ilə işarələnmişdir