
БҮГИН ӘКЕМ ТУЎЫЛҒАН КҮНИ
Жыл сайын өтеди дәўир дүркини,
Естен шықпас бирақ, ядта бир күни.
Қәдирдан сағынған Әкежанымның,
Шықпайды тап бүгин туўылған күни…
,,Қызым ” деген сөзиң шықпас ядымнан,
Еркелетсең кеўилиме унар ең.
Әлпешледиң мени жаслық ўағымнан,
Бүгин алпыс жети жасқа шығар ең…
Тек ертерек атландың сен асығып,
Кеттиң руўҳларға тезден қосылып.
Босқа қалдым Әкелик меҳирден,
Көз жасымды тыялмадым жасырып…
Сағынаман енди соларды ойлап,
Гейде налынаман жанымды қыйнап.
Бүгин туўылған күн еди сеники,
Тири болғаныңда барар ем жайнап…
Өмириң мен ушын болды мазмунлы,
Еле әрманларың болды қысқаша.
Руўҳларың шад әйлесин Әкежан,
Бәрибир Әкениң орны басқаша…
YAZAR: BİBİMƏRYƏM
ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА
Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana
===============================================
<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və WWW.USTAC.AZ >>>>
Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93 E-mail: zauryazar@mail.ru