Бийбимәрьям – ДЕГИМ КЕЛЕР

ДЕГИМ КЕЛЕР

Өмир татлы, атқан таңға биз шүкирлик қыламыз,
Турмыс тәшиўиш, бала шаға биз мойынға аламыз.
Мийрим менен шәпаҳәтти көксимизге нур қуйған,
Қәлбимизге меҳир қуйған сол себепли Анамыз…

Жасаў, жүриў жәмийетте тәрбияны сыр тутып,
Қойыптығой Жаратқаным терең суўда қалқытып.
Желең, жалаң көшелерде ярым ашық жүрмейик,
Ҳәттеки тап әш әрўақтай Шайтанларды қорқытып…

Өмир берди гүлдей қылып жайнап жаснап жүрмеге,
Адамлар бар тек жарайды үстиңизден күлмеге.
Жассаң қызым үйрене бер дәўир сондай деме ҳеш,
Ақыл болсын турмыс ушын буның бәрин билмеге…

Өтер заман тусымыздан ағын суўдай сылдырап,
Дүнья пулға қызықпағыл қара көзиң булдырап.
Диң аспанда қанат жайып Бүркит болып ушсаңда,
Тек билесең қара жерге жығылғанда қулдырап…

Ҳайўанларда билер дәмин қайтарғанда гүйисин,
Таза сақла еринбе ҳеш азадада үй ишин.
Жәмийетте сыйлаўлы бол, көп адамлар мақтаған,
Ең баслысы болсын сенде адамыйлық ийиси…
21 – июль 2024 жыл.

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА

TÜRK DÜNYASI YAZARLARI

Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana

“ƏDƏBİ OVQAT” JURNALI PDF

“YAZARLAR”  JURNALI PDF

“ULDUZ” JURNALI PDF

“XƏZAN”JURNALI PDF

WWW.KİTABEVİM.AZ

YAZARLAR.AZ

===============================================

<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və  WWW.USTAC.AZ >>>> 

Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93   E-mail: zauryazar@mail.ru

Bir cavab yazın

Sizin e-poçt ünvanınız dərc edilməyəcəkdir. Gərəkli sahələr * ilə işarələnmişdir