Базаргүл Зиваровa – АНА ТИЛИМСЕҢ!

1989-ЖЫЛ 1-ДЕКАБРЬ – ҚАРАҚАЛПАҚ ТИЛИНЕ МӘМЛЕКЕТЛИК ТИЛ БИЙЛИГИ БЕРИЛГЕН КҮН.

АНА ТИЛИМСЕҢ!

Сениң руўхың уўыз сүтке қарысқан,
Ана, Ўатан сөзин дәслеп танытқан,
Сен жоқ болсаң, айырыламан намыстан,
Жүрегиме жақын болған тилимсең!

Жийен бабам толғаўларын жырлатқан,
Күнхожаны хан алдында тыңлатқан*
Ел сағынышы Зийўар* қәлбин зарлатқан,
“БАРМЕКЕН” ди * сазға салған тилимсең!

Маман бийдиң дебдиўинен сөз қатып,
Ерназарды ел дәртинде жылатып,
Бердақ шайыр дәстанларын тыңлатып,
Халқым менен сырлас болған тилимсең!

Нақыл-мақал, ҳәр бир сөзде мәни бар,
Ақыл-дана, диянаттың кәни бар,
Жақсы сөзиң, ғарғысың да жанға жағар,
Халқым аты сыңар болған
тилимсең!

Түсиниклер:
Күнхожа шайыр “Түйе екенсең?”* қосығын хан алдында мәрдана, тайсалмастан, қорықпастан айтқан.
Зийўар – Әжинияз Қосыбай улының әдебий лақабы.
“БАРМЕКЕН” – Әжинияз Қосыбай улының “Елди көрер күнлер бармекен?” қосығының қысқа атамасы есабында алынды.

Müəllif: Базаргүл Зиваровa. Нөкис.

“Yazarlar” jurnalı

“YAZARLAR” – SİFARİŞ ET

Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana

ZAUR  USTACIN  YAZILARI

> > > > MÜTLƏQ OXUYUN !!!

“YAZARLAR”  JURNALI PDF

YAZARLAR.AZ
===============================================

<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və  WWW.USTAC.AZ >>>> 

Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93   E-mail: zauryazar@mail.ru

Bir cavab yazın

Sizin e-poçt ünvanınız dərc edilməyəcəkdir. Gərəkli sahələr * ilə işarələnmişdir