
КИМДУР ҚЫЯЛЫМДЫ УРЛАМАСЫН ДЕП
Нәзик жаслығымның жылўаларынан,
Жүрмен ашықларым таласың деп.
Кешкенмен талайдың аҳыў зарынан,
Кимдур қыялымды урламасын деп…
Өзиме сән берип өттим жоллардан,
Көринис, гөзаллық бир шамасын деп.
Солайынша мен өзимди алдарман,
Кимдур қыялымды урламасын деп…
Сақ жүрип ҳәмийше жасанып дүрдей,
Кейнимнен өсеклер жолламасын деп.
Сезинип өзимди сулыў қыз ҳүрдей,
Кимдур қыялымды урламасын деп…
Еримде балларым қуўанып сырттан,
Сүйсинер мениңдей яр, анасын деп.
Қыздайсаң мама дер қызым сүт қуртқан,
Кимдур қыялымды урламасын деп…
Шырайлы инсанға ҳәммеде ҳәўес,
Ҳеш ким айталмайды қарамасын деп.
Билемен турмыстың жоллары дөңес,
Жүриппен қыялды урламасын деп…
YAZAR: BİBİMƏRYƏM
ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА
Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana
===============================================
<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və WWW.USTAC.AZ >>>>
Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93 E-mail: zauryazar@mail.ru