Бийбимәрьям – ЎАТАН ДЕГЕНДЕ

ЎАТАН ДЕГЕНДЕ

Бәленттен суўларың сылдырап ағып,
Жериңде ғумшалар гүллерин тағып.
Сен ушын жүрегим кетеди соғып,
Қәлбимде жанажан Ўатан дегенде…

Жаңаланыў жолындағы бостансаң,
Тынышлық деп елге уран қосқансаң.
Титкилесек тарыйх толы дәстансаң,
Сүймеўге болмайды Ўатан дегенде…

Дийхан маңлай терин мысқаллап терип,
Егинин әлпешлер меҳирин берип.
Кетемен бахытлы турмысын көрип,
Кеўлим шадланады Ўатан дегенде…

Өзиңе шырайлы келген төрт пасыл,
Көз тартар отлақлы жайлаў жап – жасыл.
Алтыннан топырағың турысы ҳасыл,
Мақтанып жүремен Ўатан дегенде…

Көллериң дәрьялар көрик берип тур,
Жасаўға өмирге суўың шерик бул.
Дослар қушақ ашып саған келип тур,
Қуўанып кетемен Ўатан дегенде…

Қалалар жаңадан имарат тиклеп,
Жәрдемин аямас азамат көплеп.
Күннен күнге дәўир алға жетеклеп,
Келешеги ушын Ўатан дегенде…

Сүйемен киндигим қаны тамған жер,
Бабалардан бизге мийрас қалған жер.
Бул жерде туўылған жәннет мәкан дер,
Муҳаббатым артар Ўатан дегенде…

Илимге қуныққан жаслар мәканы,
Ул – қызларды тән алады жәҳәни.
Көзге сүрме ҳәр инсанның Ўатаны,
Саған талпынаман Ўатан дегенде…

Спортта жеңимпаз гүлдей жайнадың,
Мәрт ул қыздан чемпионлар сайладың.
Дүньяға желбиреп турар байрағың,
Қуўаныш мен ушын Ўатан дегенде…

Көз тиймесин жамалыңа шырайлы,
Жайнап турсаң ынтықтырып талайды.
Мен қызыңман бәлким маған солайды,
Жаным саған пидә Ўатан дегенде…

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА

TÜRK DÜNYASI YAZARLARI

Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana

“ƏDƏBİ OVQAT” JURNALI PDF

“YAZARLAR”  JURNALI PDF

“ULDUZ” JURNALI PDF

“XƏZAN”JURNALI PDF

WWW.KİTABEVİM.AZ

YAZARLAR.AZ

===============================================

<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və  WWW.USTAC.AZ >>>> 

Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93   E-mail: zauryazar@mail.ru

Bir cavab yazın

Sizin e-poçt ünvanınız dərc edilməyəcəkdir. Gərəkli sahələr * ilə işarələnmişdir