Жансая (Бийбимәрьям) Утамбетова

ХАЛҚЫМНЫҢ ҮРИП – ӘДЕТ
МИНЕЗИ ЖАҚСЫ

Аталар жол басшы жас шаңараққа,
Енелер тәбия,ақлыққа сақшы.
Турмыс өте берер сынаўы ашшы,
Халқымның үрип – әдет минези жақсы…

Перзент деп жолында күйгени басқа,
Ул – қызы өседи қарап ықласқа.
Меҳирли үлкейсе жора – жолдасқа,
Халқымның үрип – әдет минези жақсы..

Не жақсы жаманды алдынан билген,
Бир бирин басқылап тойларда күлген.
Келин қылар қызын шөкелеп жүрген,
Халқымның үрип әдет минези жақсы..

Меҳирли кеўил бар гейде аўырсақ,
Қандай жақсы қатнасықта таўылсақ.
Мереке – тойларда писер баўырсақ,
Халқымның үрип – әдет минези жақсы..

Қәдениң дәстүрин ырым етеди,
Тойларда қуўаныш көкке жетеди.
Бизиң Қарекеңде солай өтеди,
Халқымның үрип әдет минези жақсы…

Тегинликте тиймес киси кеўлине,
Жайдарыдай инсап берген пейлине.
Кеўли қалса қарамайды кейнине,
Халқымның үрип – әдет минези жақсы…

Өмир даўам етер өсер келешек,
Дәстүр даўам етер жаман демесек,
Тәрбиялы жаслар болар ересек,
Халқымның үрип – әдет минези жақсы…

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА

TÜRK DÜNYASI YAZARLARI

Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana

“ƏDƏBİ OVQAT” JURNALI PDF

“YAZARLAR”  JURNALI PDF

“ULDUZ” JURNALI PDF

“XƏZAN”JURNALI PDF

WWW.KİTABEVİM.AZ

YAZARLAR.AZ

===============================================

<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və  WWW.USTAC.AZ >>>> 

Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93   E-mail: zauryazar@mail.ru

  

Bir cavab yazın

Sizin e-poçt ünvanınız dərc edilməyəcəkdir. Gərəkli sahələr * ilə işarələnmişdir