ЖАЙНАҒАН ЖАСЛЫҒЫМ ТӘРК ЕТПЕ МЕНИ

ЖАЙНАҒАН ЖАСЛЫҒЫМ ТӘРК ЕТПЕ МЕНИ

Жасаў мениң ушын үлкен саҳнадай,
Қуўаныш шадлыққа толы ҳәр деми.
Деп жүрмен қартайыў қыя бақпағай,
Жайнаған жаслығым тәрк етпе мени…

Бүгинги таңыма ертең уласып,
Өмирдиң ҳәр куни маған жарасық.
Муҳаббат ҳалымнан турса сорасып,
Жайнаған жаслығым тәрк етпе мени…

Ҳәр күним қәдирли алтынға теңдей,
Жақсылар дийдары жаныма емдей.
Мен ушын арқайын бул дүнья кеңдей,
Жайнаған жаслығым тәрк етпе мени…

Айнаға қарайман көзим қуўанып,
Бир жасап қаламан кеўлим жубанып.
Өзим шырайымды өзим қызғанып,
Жайнаған жаслығым тәрк етпе мени…

Шоқ болдым жаслықта жанды алғандай,
Бир өзим дүньяға бинә болғандай.
Бир талай көринис артта қалғандай,
Жайнаған жаслығым тәрк етпе мени…

7 – июль 2024 жыл…

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА

TÜRK DÜNYASI YAZARLARI

Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana

“ƏDƏBİ OVQAT” JURNALI PDF

“YAZARLAR”  JURNALI PDF

“ULDUZ” JURNALI PDF

“XƏZAN”JURNALI PDF

WWW.KİTABEVİM.AZ

YAZARLAR.AZ

===============================================

<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və  WWW.USTAC.AZ >>>> 

Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93   E-mail: zauryazar@mail.ru

Bir cavab yazın

Sizin e-poçt ünvanınız dərc edilməyəcəkdir. Gərəkli sahələr * ilə işarələnmişdir