
ГҮЗДЕ КИЯТЫР
Бәҳәр демде өтти , жазға уласып,
Жаз айыда өз сәнине минәсип.
Отырмайды ўақыт бизге санасып,
Демде әне қоңыр гүзде киятыр…
Шырайлы безеген атқан таңларын,
Күйдирип өсиўге шийрин жанларын.
Қуслар ертип, сулыў палапанларын,
Мәўсимниң аяғы гүзде киятыр…
Гүллер шырай берди жыйнады тухым,
Жаз бойы қолларда болып бир тутым.
Ише алмай биразы суўдан бир жутым,
Лалазар әйлеген гүзде киятыр…
Дийхан мийнетиниң табысын көрип,
Қанша мийнет етти меҳирин берип.
Бағманда анары,алма ҳәм ерик,
Өнимин жыйнаған гүзде киятыр…
Дастурхан шырайлы , қаўын кесилген,
Ғарбыз дегенлерди шынтлап өсирген.
Базарды толтырып кеўли мәсирген,
Дийханлар аңсаған гүзде киятыр…
Жапырақлар бояўдан түрли түс берип,
Сүўретин сызыўға боласаң жерик.
Кеўлиң гүл жайнайды көзлериң көрип,
Бир пасыл аяғы гүзде киятыр…
Дизилип өтеди аспаннан ғазлар,
Гүздиң сулыўлығын сезбес биразлар.
Көзге көрик берипти кешеги қызлар,
Сағынған жемисли гүзде киятыр…
YAZAR: BİBİMƏRYƏM
ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА
Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana
===============================================
<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və WWW.USTAC.AZ >>>>
Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93 E-mail: zauryazar@mail.ru