
ҲАЯЛ – ҚЫЗЛАР БАЙРАМЫНДА САЎҒА БУЛ
Жәҳән әдебияты таңлап жарысты,
Жүз ел бәри ,, бириншиге ” тарысты.
Грант емес ,бириншиге илестим,
Сынап – минеп өлшегенде қарысты.
Жеңимпаздың тартып несийп дузынан,
Нәпес алдым бәҳәр келер жазынан.
Бәриңизди қутлықлайды Жансая,
Нөкис қала Қарақалпақтың қызыман.
Ҳәмме елдиң ҳеш бири жоқ кемиси,
Бир күн келип толғай Арал теңизи.
Бул сыйлықты тек өзим деп айтпайман,
Қарақалпақ қызларының жеңиси.
YAZAR: BİBİMƏRYƏM
ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА
Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana
===============================================
<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və WWW.USTAC.AZ >>>>
Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93 E-mail: zauryazar@mail.ru