
ШИЙРИН АРЗЫЎЛАРЫМ
Жүргенде илҳамлы дәрьядай ағып,
Шашыма шырайлы гүллерди тағып.
Муҳаббат нәпеси жаныма жағып,
Өтер түс сыяқлы шийрин арзыўлар…
Сонда да қыялым емес еринер,
Жаслықтың отына қалаў берилер.
Айнамды қаққандай ,, қара – пери ” лер,
Қамығып атқандай шийрин арзыўлар…
Қағазға түсирсем сыям кеппейди,
Қәлемсиз шыжбайсыз күним өтпейди.
Ақ кийимли, айланшықлап кетпейди,
Ал жүректе еле шийрин арзыўлар…
Сабыр қыл, шыда сен биразлар дести,
Булытлар қап – қара шамаллар ести.
Жайымның төбеси ишине түсти,
Жаңа жетискенде, шийрин арзыўлар …
Шыдамлық, сабырлық еле сынаўда,
Саат тиллериде ўақыт санаўда.
Неге ? Неге ? дейди қәлбим сораўда,
Муңайтып гей ўақта Шийрин арзыўлар…
Қутылсам жадырап, қара күнлерден,
Баяғы гүл бағды өзим излермен.
Ҳәзирше ҳәммеси таса көзлерден,
Маған палдай татлы шийрин арзыўлар…
Жарық күн бар шығар еле алдында,
Шығар таң гүлиндей жүзлер жарқынға.
Сабырлыға нақыл барғой халқымда,
Жүзеге бир шығар шийрин арзыўлар …
Шийрин арзыўларым, тәрк етпе мени,
Нелерге толысаң өмирдиң кәни.
Егер Жансаяның саў болса дени,
Еле шарықлайсаң шийрин арзыўлар…
5 – июнь 2024 жыл.
YAZAR: BİBİMƏRYƏM
ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА
Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana
===============================================
<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və WWW.USTAC.AZ >>>>
Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93 E-mail: zauryazar@mail.ru