
ТЕҢИЗ ТОЛҚЫҒАНДА
Теңиз толқығанда толқыйман менде,
Ой қыяляым жағысына келгенде.
Бүгин және шықтым сайранлар етип,
Теңиз және толқып атыр дегенге…
Жүрекгенем пурса бермес шыдаўға,
Жүгиргеннен түстим терли булаўға.
Ақбас толқын из изинен келгенде,
Ынтық болдым бир тоймастан қараўға…
Мендеги оянған ышқы муҳаббат,
Қәлбимде сени деп толқып атқандай.
Диң басында турдым бир қанша саат,
Сүйген ярым тереңинде жатқандай…
Көк көмбек суўларың ақшыл түс енип,
Бунша урынасаң шуўылды берип.
Жаным арасынан көтер басыңды,
Сени сағынғаннан турыппан келип…
Теңиз толқығанда сезим күш бермей,
Жағаңа жеткенше асығаман мен.
Оңым болғайдағы және түс көрмей,
Сондай қыялларды жасыраман мен…
YAZAR: BİBİMƏRYƏM
ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА
Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana
===============================================
<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və WWW.USTAC.AZ >>>>
Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93 E-mail: zauryazar@mail.ru