
ТАҢҒЫ ТИЛЕКЛЕР
Күн нурын шашады, кеўил тасады,
Ҳәр күн несийбеси йошың асады,
Даўам қыялларың алға басады,
Кеўлиңди көтерип таңғы тилеклер.
Кимниңдур оқыўы кимниң жумысы,
Өмир умтылыў тек мийнет турысы,
Әрманның да жазылады қурысы,
Оған мәдет берип таңғы тилеклер.
Қуяштай жадырап күлисип ойнап,
Ҳәр күнги ырсқысын белине байлап,
Кимге бахыт берер ишинен сайлап,
Ҳәр күни йош берер таңғы тилеклер.
Кими дийханшылық кими шыпакер,
Ҳәр таңға көз тасла оған баҳа бер,
Базарға бар дән дүниңди сата бер,
Саған әўмет берсин таңғы тилеклер.
Гүл услап қолына барар жасларда,
Жуп болып келешек жолын басларға,
Кимдур асығады бүгин досларға,
Яр болып бүгинги таңғы тилеклер.
Дуўасын қабыллап ата анаңның,
Шын дәрек нийети перзент боғанның,
Сенде тилек тиле ини ағаңның,
Сонда жақсы болар таңғы тилеклер.
Тынышлық аманлық тиле елиме,
Қуўаныш шадлық бер өскен жериме,
Инсап бер ийинлес инсан бәрине,
Сизлерге яр болсын таңғы тилеклер.
15 – Июнь 2023~ Жыл.
YAZAR: BİBİMƏRYƏM
ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА
Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana
===============================================
<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və WWW.USTAC.AZ >>>>
Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93 E-mail: zauryazar@mail.ru