Қыялымда еле сол әрман…

Турмыс тәшиўиш шубалып жатқан,
Жасаўдыңда жүги бир батпан.
Қолым созып жеталмай атқан,
Саламатлық еле сол әрман…

Қала гезип жүргенди көрип,
Нама менен жуўырып желип.
Гей ўақлары хорлығым келип,
Ойнамайман еле сол әрман…

Шашын силкип, көйлегин желпип,
Өткен ўақта самалы елпип.
Қуўыршақтай ул – қызын ертип,
Жайнап жүриў еле сол әрман…

Дениң саўда ҳәммеси әрман,
Ол күнлердиң өткени жалған.
Тири жанман, дүньяда барман,
Шалқып жүриў, еле сол әрман…

Шүкирлигим еледе молдай,
Тек сеземен ийилген талдай.
Мына наўқас кейнимнен қалмай,
Саўалыўым сол еле әрман…

Таўлардағы тастай қайнасам,
Кеўлим сергек, қустай сайрасам,
Басқалардай гүлдей жайнасам,
Қыялымда еле сол әрман…

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА

TÜRK DÜNYASI YAZARLARI

Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana

“ƏDƏBİ OVQAT” JURNALI PDF

“YAZARLAR”  JURNALI PDF

“ULDUZ” JURNALI PDF

“XƏZAN”JURNALI PDF

WWW.KİTABEVİM.AZ

YAZARLAR.AZ

===============================================

<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və  WWW.USTAC.AZ >>>> 

Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93   E-mail: zauryazar@mail.ru

Bir cavab yazın

Sizin e-poçt ünvanınız dərc edilməyəcəkdir. Gərəkli sahələr * ilə işarələnmişdir