Бийбимәрьям – ТЫРНАМА ЖҮРЕКТИҢ АРМАН ТӨРИНЕН

ТЫРНАМА ЖҮРЕКТИҢ АРМАН ТӨРИНЕН

Маған дилгирлердиң кештим бәринен,
Атладым дузақты қойған жеринен.
Түңлигин ашпа сен кеўил сарайдың,
Тырнама жүректи арман төринен…

Мүмкин қапалықтың муңы бар шығар,
Мүмкин жылай – жылай маған ар шығар.
Күйдирген сен қусап сәўер яр шығар,
Тырнама жүректи арман төринен…

Талай дебдиўлерим қыйнады жанды,
Дастығымды суўлап атырдым таңды,
Арзыўдың есиги басыўлы қалды,
Тырнама жүректиң арман төринен…

Жаңа сезим арнап, турыпсаң сезип,
Сондада кетпедиң сен меннен безип.
Жүректи аямай қан қылып езип,
Жүректи тырнама арман төринен…

Жаңадан сезимиң бәлким ырасты,
Жүзиме мыйықлы күлки уласты.
Ермек ушын болса қойың таласты,
Жүректи тырнама арман төринен…

Өткен умыт болсын мейли қайылман,
Өзимше жалғызбан жүрген сайылман.
Соған төртлик дизип болған шайырман,
Жүректи тырнама арман төринен…
5 – май 2024 жыл…

YAZAR: BİBİMƏRYƏM

BİBİMƏRYƏMİN DİGƏR YAZILARI

ЖАНСАЯ (БИЙБИМӘРЬЯМ) УТАМБЕТОВА

TÜRK DÜNYASI YAZARLARI

Mustafa Müseyiboğlu adına kitabxana

“ƏDƏBİ OVQAT” JURNALI PDF

“YAZARLAR”  JURNALI PDF

“ULDUZ” JURNALI PDF

“XƏZAN”JURNALI PDF

WWW.KİTABEVİM.AZ

YAZARLAR.AZ

===============================================

<<<< WWW.YAZARLAR.AZ və  WWW.USTAC.AZ >>>> 

Əlaqə: Tel: (+994) 70-390-39-93   E-mail: zauryazar@mail.ru

Bir cavab yazın

Sizin e-poçt ünvanınız dərc edilməyəcəkdir. Gərəkli sahələr * ilə işarələnmişdir